Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары нәтийжели болды.
Мәмлекетимиз басшысы Абу-Даби қаласында усы Әмирликтиң мийрасхоры, Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлери Жоқары бас сәркәрдасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён менен, Дубай қаласында БАӘ вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум ҳәм басқа да рәсмий шахслар менен ушырасыўлар өткерди.
Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекетлеримиз арасында саўда, экономика, инвестициялар, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы өз-ара пайдалы ҳүжжетлер ҳәм улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам инвестициялық келисимлерге қол қойылды.
Президентимиз Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапарын жуўмақлап, Ташкентке жөнеп кетти.
ӨзА