Жақында Нөкис гарнизонында жайласқан әскерий бөлим ҳәм мәкемелерде тергеўге шекем тексериў өткеретуғын офицерлерге «Жол транспорт ҳәдийселерине байланыслы тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлерин өткериў структурасы» темасында семинар өткерилди.
Оқыў-әмелий семинар шеңберинде Әскерий прокуратура уйымларында хызметин өтеп атырған жас қәнигелерге 2018-2019-жылларда тараў нызамшылығына киргизилген қосымшалар ҳәм өзгерислер, мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.
Илажды өткериўден мақсет – елимизде жас қәнигелер ушын жаратылған ҳуқықый тийкарлардың мақсетин ҳәм мәнисин түсиндириў, олардың жәмийетлик-сиясий, ҳуқықый саўатлылығын арттырыў болып табылады.
Оқыў семинарының жуўмағында тыңлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.