Шаңараққа әййемги заманлардан муқаддес қорған сыпатында қаралып, ондағы социаллық-руўхый орталықтың турақлылығы тек ғана шаңарақ ағзалары емес, ал, пүткил мәҳәллениң ар-намысы есапланған.
Усындай жоқары пазыйлетлер тийкарында халқымыздың шаңарақ пенен тиккелей байланыслы қәдириятлары әсирлер өтсе де жоғалмай, бизге шекем жетип келди. Бүгинги күнде глобалласыў процеси ҳәм жедел прогресс күнделикли турмысымызды жеңиллетиў менен бирге, миллий қәдириятларымызға кери тәсир көрсете баслады. Ақыбетинде арзымайтуғын бәнелер менен ажырасыўға таяр шаңарақлар пайда болды. Әлбетте, бундай жағдайлар бала тәрбиясына, шаңарақтың беккемлигине ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсирин тийгизбей қоймайды.
Бундай жағдайларда беккем иммунитет – шаңарақлық қәдириятларымыз жәрдемге келеди. Егер оннан өз орнында ҳәм ўақтында пайдаланылса, бир қатар ажырасыўларға тосқынлық еткен болар едик.
Беруний районының Мәлимлеме ресурс орайында усы жыл 25-март күни өткерилген «Беккем шаңарақ – елдиң сүйениши» атамасындағы семинарда шаңарақлардағы ажырасыўлар, олардың келип шығыў себеплери ҳәм алдын алыў илажлары ҳаққында сөз болды.
Районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген илажда «Шаңарақ» орайы, «Нураный», «Мәҳәлле» қорлары, ишки ислер бөлиминиң ўәкиллери қатнасты.
Елимизде шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын және де беккемлеў, шаңарақтағы келиспеўшиликлер ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў, бул бағдарда әўладтан-әўладқа өтип киятырған шаңарақ қәдириятларын сақлап қалыў, олардың турмысымызда тутқан орнын ҳәм әҳмийетин халықтың, әсиресе, жаслардың санасына сиңдириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Семинарда районда ажырасыўлардың жағдайы ҳәм олардың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар талқыланып, шаңарақлардағы ажырасыўлардың алдын алыўда ҳәр бир районның менталитетинен, ҳәр бир шахстың характеринен келип шыққан ҳалда жарастырыў илажларын көриў кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, илажда шаңарақ ажырасыўларын азайтыў бойынша зәрүрли усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.