Республикамызда Наўрыз байрамы алдынан басланған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў айлығы шеңберинде мәҳәллелерде, көшелерде,  дем алыў ҳәм зыяратлаў орынларында улыўмахалықлық шембиликлер даўам еттирилип, әтираплар тәртипке келтирилмекте. Усындай шембилик 22-март күни Мойнақ районында да болып өтти.

Усы күни тек Наўрыз әййямы байрамланып, байрам тамашалары ҳәм сейиллер өткерилип атырған, дем алатуғын орынлар ғана емес, ал, пүткил район аймағында кең көлемли абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары алып барылыўы менен бирге, нәл отырғызып, бағлар жаратыў илажларын әмелге асырыўға да үлкен итибар қаратылды.

-Районда «Жасыл баслама» акциясы шеңберинде ғалаба абаданластырыў жумыслары алып барылды. Жасы үлкен ҳәм кишилердиң бәршеси ҳәр қыйлы гүллерди ҳәм тереклердиң нәллерин егиўде белсене қатнасты, – дейди Мойнақ районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зыяда Утегенова. – Усы күни кекселердиң, жалғыз қәриялардың, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы ҳалынан хабар алынды. Шембилик қатнасыўшыларының қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.