Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның қәбилетли жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық хошаметлеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, пән олимпиадасының III басқышы өткерилмекте.

23-27-март күнлери аралығында Қарақалпақстандағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында 18 пәннен пайтахтымыздың «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў Орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң павильоны менен айырым пән кабинетлеринде олимпиада өткерилип атыр.

 

– Улыўма билим бериў пәнлери бойынша олимпиадаға бүгинги күнде республикамыздың орта мектеплеринен 1 мың 653 оқыўшы қатнаспақта, – дейди Республикалық оқыў-методикалық орайының анық пәнлер бойынша методисти Захида Үсенова. – Олардың билимин әдил түрде сынақтан өткериў ушын басқарма жанындағы методикалық хызмет методистлери қупыялықты сақлаған ҳалда тапсырмалар менен тест сораўларын таярлады. Өткерилип атырған олимпиадаларда 100 ден аслам профессор-оқытыўшылар, улыўма орта билим бериў мектеплериниң тәжирийбели муғаллимлери төрешилик етпекте. Оқыўшылардың еркин, билимине сүйенген ҳалда сынақтан өтиўин тәмийинлеў мақсетинде аудиториялар, керекли канцеляриялық қураллар таярланып, зәрүрли шараятлар жаратылды. Сораўлар ҳәм тапсырмалар ҳәр бир оқыўшы ушын өз алдына, көп вариантлылық тийкарында ислеп шығылды. Оқыўшылардың ата-аналары ҳәм оқытыўшылар ушын олимпиада өткерилетуғын орынларда шараятлар жаратылып, узақ районлардан келетуғын оқыўшылар ушын жатақханалар таярланды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.