Батыс ғалаба хабар қураллары Израил бас министри Сирия бойынша Россияға усынған режени Вашингтонда Президент Дональд Трампқа да бергенин мәлим еткен еди.

Россия Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песков Израил Бас министри Биньямин Нетаньяху Президент Владимир Путинге Сирия мәселесине байланыслы реже усынылғанын тастыйықламады.

REGNUM хабарына бола, Песков Нетаньяху февральдағы сапар етиўи ўақтында Россия тәрепине ҳеш қандай реже бермегенин атап өтти.

«Бундай болмаған, мен буны тастыйықлай алмайман», деди Песков.

ӨзА