Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Мойнақ районында да болып, Арал теңизиниң қурыған майданына усы жылы 500 мың гектар жерге сексеўил егиў ўазыйпасын белгилеп берген еди.

Мине, өткен қысқа ўақыт даўамында аймақта кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бул ийгиликли жумысқа тек ғана Аралбойынан емес, ал елимиздиң барлық ўалаятларынан келген мыңнан аслам көмекши қатнасты. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети хызметкерлери баслама көрсетти. Ҳәр күни 500 ден аслам заманагөй техникалар ҳәм авиация жәрдеминде салма тартыў, сексеўил туқымын себиў жумыслары орынланды. Дерлик үш ай даўам еткен илаж даўамында Аралдың қурыған бөлегинде 411 мың гектардан артық майданға сексеўил туқымы себилди. Соннан, 100 мың гектардан асламы авиация жәрдеминде әмелге асырылды. Қыстың қақаман суўық күнлерине қарамастан бул жерде мийнет етип атырған ҳәр бир адам татыўлықтың, қарақалпақлардың ибарасы менен айтқанда, аўызбиршиликтиң үлгисин көрсетти.

Ҳәттеки, көмекшилер жаңа жылды да өз үйлерине қайтпастан теңиздиң қурыған түбинде күтип алды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, район ҳәкимлери, министрликлер, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары усы жерде болып, жаңа жылды биргеликте белгиледи. Көмекшилерге байрам дастурханы жайылып, саўғалар тапсырылды. Көркем өнер шеберлери өзлериниң концерт бағдарламалары менен оларға мәдений хызмет көрсетти.

Елимиз басшысының басламасы менен «жасыл қалқан» жаратыў бойынша баслаған бул ийгиликли иске мәмлекетимиз бойлап ҳәмме өзиниң мүнәсип үлесин қосты, – десек қәтелеспеген боламыз. Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен биргеликтеги «Аралбойын абат етейик» жойбары басқа шөлкемлер тәрепинен де қоллап-қуўатланды.

– Қыс айларында туқымнан егилген сексеўиллердиң дәслепкилери көгерип шыға баслады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Ернияз Ҳакимниязов. – Март айынан кейин нәллерди егиў жумыслары алып барылмақта. Ҳәр күни 600-700 гектар майданға сексеўил нәли егилмекте. Нәллер Бухара ўалаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалықлары жанындағы ыссыханаларда жетистирилмекте.

Арал теңизиниң қурыған майданында шөлге шыдамлы өсимликлер, соның ишинде, сексеўил нәллерин жетистириў ҳаўаға көтерилип атырған шаң-тозанды тосып қалыўға хызмет етсе, екиншиден азықлық өсимликлердиң нәллерин жетистириў арқалы аймақта аўыл хожалығындағы әҳмийетли тармақлардан бири болған шараўашылықты раўажландырыў, сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди. Ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясының, биологиялық көптүрлилик сезилерли дәрежеде көбейиўине алып келеди. Ең баслысы, жүзеге келген экологиялық, экономикалық ҳәм социаллық машқалаларды сапластырыўға хызмет етеди.

Аралбойында, соның ишинде Мойнақ районында кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылып атырған бир ўақытта және бир жақсы жаңалық тарқалды. Мойнақтан арқа-шығыс жөнелисте 200 километрден аслам аралықта, бурынғы Барсакелмес атаўының Шағала массивинде 300 метр тереңликтен суў шығарылды. Аралбойы халқы усы тарийхый ўақыяны «Мойнақта жаңа өмирдиң басланыўы» деп, үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Февраль айының ақырында 230 метр тереңликтен екинши кудықтан суў шықты. Қәнигелердиң атап өтиўинше, Аралдың суўсыз қалған аймағында кең көлемли геологиялық-излеў жумыслары алып барылып, жәми 50 қудық қазылып, иске түсириледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша белгили жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясиниң 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде жәҳән жәмийетшилиги итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратқаны, 2018-2021-жылларда Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилгени, өткен жылы август айында Түркменбаши қаласында болып өткен кеңес мәжилисинде Аралбойы аймағы Экологиялық инновация ҳәм технологиялар орайы, деп жәрияланғаны район халқына болған айрықша итибар және ғамқорлықтың көриниси болды. Соның менен бирге, 2017-жыл 19-июль күни узынлығы 101 километр болған «Қоңырат-Мойнақ суў имараты қурылысы» жойбары пайдаланыўға тапсырылыўы, БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондының шөлкемлестирилиўи мойнақлылар турмысында умытылмас тарийхый ўақыялардан бири болып қалады. Район орайының бас жойбарын ислеп шығыў, район орайында жаңа қалаша қурыў, улыўма баҳасы 1 триллион сумлық инвестиция есабынан жол-транспорт, инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық инфраструктураны, сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Шарўашылықты, қусшылықты, балықшылықты, туризмди раўажландырыў, районның бар потенциалынан, тәбийғый имканиятларынан пайдаланған ҳалда заманагөй өндиристи жолға қойыў арқалы көплеген жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген.

Районның социаллық ҳәм инженерлик-коммуникация тармақлар объектлерин қурыў, реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары бойынша комплексли раўажландырыў Бағдарламасына муўапық, 2018-2021-жыллары қаржыландырыўдың барлық дәреклери есабынан 352 миллиард 794 миллион сумлық, Азия раўажландырыў банки ресурлары есабынан 14,2 миллиард АҚШ доллары көлеминдеги инвестицияны киргизиў режелестирилген. Соның есабынан 2021-жылға шекем районда санаат товарларын ислеп шығарыў көлеми 1,5, халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў 1,3, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 1,2, хызмет көрсетиў 1,3 есеге артады.

Солай етип, Аралдың қурыған бөлегинде әмелге асырылған жумыслардың дәслепки нәтийжеси бүгин көзге таслана баслады. Келешекте Мойнақ ҳәр тәреплеме раўажланған, сулыў ҳәм сырт елден келген туристлердиң дыққат орайындағы мәканға айланыўы сөзсиз. Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтиң буннан бир неше жыл алдын жазып қалдырған қосық қатарлары менен айтқанда, «Бул жер еле зор болады».

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы