Ҳүкиметтиң айрым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, деп хабар берди Әдиллик министрлигиниң телеграм каналы.

Нызамшылыққа муўапық, газ тәмийнаты турмыслық тутыныўшылар, шаңарақлық кәрханалар және стратегиялық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе тутыныўшыларға биринши гезекте жеткерип бериледи.

Турмыслық тутыныўшылар – турмыслық зәрүрликлер (аўқат писириў, ыссы суў ҳәм жылытыў) ушын тәбийғый газден пайдаланатуғын халық.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, ведомостволық ҳәм муниципаллық турақ жай қоры, жатақханалар ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери және халықтың зәрүрликлери ушын локал қазанханалар да жоқарыдағы категорияға киргизилди.

Бул тутыныўшыларға газ турмыслық тутыныўшылар ушын белгиленген тарифлерде жеткерип бериледи.

Мағлыўмат ушын, халыққа коммуналлық-турмыслық талаплар ушын газ жеткерип бериў 2018-жыл 16-ноябрьден 320 сумды қураған болса, 2019-жыл 1-июньнен баслап 350 сумды қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги