Кейинги жылларда елимизде әмелге асырылып атырған нәтийжели сыртқы сиясаттың нәтийжесинде Өзбекстанның халықаралық абырайы артып, барлық мәмлекетлер менен қатнасықлары және де беккемленбекте. Бул Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары даўамында және бир мәрте өз дәлилин тапты.
Мәмлекеттиң статусы, халықаралық майдандағы орны оның аймағы ҳәм абырайы менен өлшенбейди. Мәмлекеттиң даңқын оның экономикалық қүдирети менен де дүньяға таратыў мүмкин. Бир ғана Сингапур мысалында бул пикирдиң айқын дәлилин көремиз, бирақ Бирлескен Араб Әмирликлери де әне усындай тийкарлы пикирдиң айқын мысалы бола алады.
Дубай әмирлиги мысалында алатуғын болсақ, ол да қысқа мүддетте Сингапур сыяқлы дүньяның финанслық, инвестициялық ҳәм бизнес орайына айланды. Ҳеш бир мәмлекетте «Ferrari» маркалы автомобиль адам басына есаплағанда әмирликке тең келе алмайды ямаса бир күнде қабыл етилетуғын самолёт ҳәм жолаўшылар санына бола дүньяда Дубай аэропортына тең келетуғыны аз. Туристлер ең көп барыўды әрман ететуғын орынлардан бири де мине усы әмирлик болып табылады. Жеке бизнесин ашпақшы болғанлар Дубайға барса, қәлеген муғдарда өз мәпине сай кредит алыўы, инвестиция киргизбекши болғанлар бул жерге ҳеш қандай қәўетерсиз кирип келиўи мүмкин. Бир ғана «Бурж Халифа» минарасының өзи қанша гәптен дәрек береди.
Абу-Даби дегенде тек ғана Әмирликлердиң пайтахты емес, ал араб дүньясында оғада үлкен абырайға ийе, өзине тән мәденият, спорт ҳәм бизнес орайы нәзерде тутылады. Бул сулыў қала өзиниң миймандослығы, бийтәкирар архитектуралық шешимге ийе объектлери, саҳрада жайласқанына қарамастан бәрқулла жасыл липасқа бөленип, таза ҳәм салқын ҳаўа есип туратуғын ықлымы менен танылған.
Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлерин көп әсирлик тарийхый-мәдений, экономикалық байланыслар байланыстырып турады. Ғәрезсизлик жылларында еки мәмлекеттиң қатнасықлары бир қатар тараўларда жедел раўажланды.
Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Соның ишинде, усы ел делегацияларының сапар етиўлери ўақтында Әмирликлер инвесторларын перспективалы жойбарларға кеңнен тартыў, нефть-газ, химия, қурылыс, аўыл хожалығы, логистика, туризм, қала қурылысы ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша нәтийжели сөйлесиўлер алып барылды.
Президентимиздиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары өз-ара қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў шеңберинде 25-март күни Абу-Даби қаласындағы шайх Зоид бин Султан Ол Наҳаён мавзолейи ҳәм мешитин зыярат етти, «Воҳат ал-Карома» естелигине гүл шеңбер қойды.
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаён менен ушырасыўда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, делегациялардың сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
Абу-Даби қаласындағы «Қаср ал-Ватан» сарайында Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери рәсмий делегацияларының кең ҳәм тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтти. Өзбекстан Республикасы менен БАӘ арасында инвестциялар, қаржы, альтернатив энергетика, санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы, бажыхана ҳәкимшилиги, мәденият ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиў бойынша улыўма нырқы 10 миллиард доллардан артық болған келисимлерге ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде 26-март күни Дубай қаласында БАӘ вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири шайх Муҳаммад Рошид Ол Мактум менен сөйлесиў өткерди.
Әмирликлердиң ири қаласы Дубай адамзат илимий-техникалық раўажланыўының ең алдынғы жетискенликлерин өзинде жәмлеген. Мәселен, дүньяның сегизинши әжайыбаты, деп тән алынып атырған Palm Islands жасалма атаўлары адам қолы менен жаратылған ең ири архипелаг болып, өзиниң көлеми ҳәм сулыўлығы менен ҳайран қалдырады. Бул жерде саўлатлы мийманханалар жайласқан. Планетамыздағы ең бәлент имарат – «Бурж Халифа» болса 11 көрсеткиш бойынша Гиннестиң рекордлар китабына кирген.
Дубайда дүньядағы ең узын автоматластырылған метросистемасы ҳәм үсти жабық пиядалар өтиў жолы бар. Саҳрада жайласқанына қарамастан, қалада дүньяның ең ири гүллер бағы жаратылған. Бул жердеги пляжлар ең таза деп тән алынған. Қалаға бир жылда орташа 16 миллион адам сапар етиўи тегин емес. Дубай басқа да тараў ҳәм бағдарларда да көплеген рекордларды орнатқан.
Булардың бәри ашықлық ҳәм тәбийғый байлықлардан ақылға муўапық пайдаланыў сиясатының нәтийжеси болып табылады. Дубайдың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўына көпшилик жағдайда қала ҳәм әмирлик ҳәкими шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактумның идеялары күшли түртки болды.
Өзбекстан да дүньяға ашылмақта. Мәмлекетимиз жедел ҳәм избе-из раўажланыў жолынан бармақта, бул процессте дүнья тәжирийбесин үйрениў, сондай-ақ, сырт елли шериклер менен инновациялық, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа да тараўларда жедел бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди.
Көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум менен «Заабил» сарайында болып өткен ушырасыўдың тийкарғы темасы болды.
БАӘ вице-президенти, Бас министри мәмлекетимиз басшысын шын жүректен қутлықлап, Абу-Дабиде мәмлекетлеримиз арасында ерисилген келисимлерге қанаатланыўшылық билдирди. Дубай әмири өзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қойған БАӘ Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев миймандослық ҳәм перспективалы бирликтеги жойбарлар қоллап-қуўатланғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди және Өзбекстан Бирлескен Араб Әмирликлери, соның ишинде, Дубай әмирлиги менен дослыққа тийкарланған қатнасықларды беккемлеўге таяр екенин атап өтти.
Өз-ара исеним руўхында өткен сөйлесиўде бир қатар тараўларда шериклик ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў жоллары, ҳәр қыйлы дәрежелердеги жаңа байланыслар орнатыў мәселелери додаланды.
Сөйлесиўлерден соң қол қойылған ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды. Қоспа инвестициялық компания шөлкемлестириў ҳаққында шәртнама, Самарқанд қаласы инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм заманагөй агрокластер шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлер, аўыл хожалығы ҳәм логистика тараўларында бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер усылардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Араб Әмирликлерине сапары, оның шеңберинде қол қойылған келисимлер мәмлекетлеримиз қатнасықларында жаңа бет ашты. Тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге умтылыўы ҳәм ерисилген келисимлерди қоллап-қуўатлаў бойынша бирдей пикирге келгени мәмлекетлеримиздиң мәплерине хызмет етеди.
ӨзА