Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрда болып өткен «Пуқаралар жыйынларының ең үлгили диний-ағартыўшылық ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша кеңесгөйи» республикалық таңлаўы басқышында Нөкис қаласындағы «Нәўқанбағ» мәкан пуқаралар жыйынының мәсләҳәтшиси Замира Айтбаева биринши, Елликқала районындағы «Ташкент» мәҳәлле пуқаралар жыйынының мәсләҳәтшиси Замира Худайқулова екинши, Шымбай районындағы «Майжап» аўыл пуқаралар жыйынының мәсләҳәтшиси Гүлдана Айтымбетова үшинши орынларды ийеледи.
Таңлаў қатнасыўшылары диний-ағартыўшылық ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша аймақта әмелге асырған жумыслары, қолға киргизген жетискенликлери, үлгили ис-тәжирийбелерин таныстырыў, күнделикли жумысында ушырасатуғын машқалаларды шешиўде Президентимиз пәрманлары, ҳүкиметлик қарарлар, «Мәҳәлле» институтының жумысларын муўапықластырыў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша билим дәрежеси, соның менен сөйлеў мәдениятын, шөлкемлестириўшилик қәбилетин көрсетиў басқышлары бойынша сынасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги