Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул өзгерислерге муўапық, пахта майының баҳасы мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайтуғын болды, деп жазады Spot.

Қарарға муўапық, буннан былай Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-марттағы қарары менен тастыйықланған баҳалары (тарифлери) мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын социаллық әҳмийетке ийе товарлар (хызметлер) ҳәм олардың стратегиялық түрлери дизиминиң 3- ҳәм 9-бәнтлери мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды:

– халықтың социаллық әззи қатламлары ҳәм мәмлекеттиң стратегиялық резервин қәлиплестириў ушын арналған, тиккелей шәртнамалар арқалы сатылатуғын пахта майы;

– шелуха ҳәм пахта шигити шроты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.