Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-март күни президентлик ўәкилликлерин тапсырыўы ҳаққында жариялаған Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев бирин-бири қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жедел раўажланып, көп қырлы нәтийжели бирге ислесиў кеңейип атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өзбекстан Президенти узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы Өзбекстан – Қазақстан қатнасықларында беккем тийкар жаратылыўында туўысқан Қазақстанның Биринши Президентиниң жеке өзи қосқан үлесин жоқары баҳалап, терең миннетдаршылық пенен атап өтти.
Сөйлесиўде Нурсултан Назарбаевтың басшылығында заманагөй базар экономикасына тийкарланған мәмлекет қурылғаны атап өтилди. Тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлық тәмийинленди, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы беккемленди. Бүгин Қазақстан дүньяның раўажланған 50 мәмлекети қатарына киреди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстанның Биринши Президенти Нурсултан Назарбаевқа беккем денсаўлық, бахыт ҳәм Қазақстан халқына хызмет етиў жолында табыслар тиледи.
Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў буннан былай да избе-из беккемленип баратуғынына исеним билдирди.
ӨзА