Мийнет кодексиниң 121-статьясына муўапық, байрам (жумыс исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын кеминде бир саатқа қысқартылады. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев мәлим етти.
Ертең, 21-март – Наўрыз жумыс исленбейтуғын байрам күни. Демек, бүгин барлық хызметкерлер 1 саат ертерек үйине қайтыўына нызамлы түрде ҳақылы есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги