Халықтың социаллық жақтан төмен қатламларын ҳәм мәмлекеттиң стратегиялық резервин қәлиплестириў ушын мөлшерленген пахта майының баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды.
Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди (229-сан, 18.03.2019ж.). Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, ендигиден былай төмендеги товарлардың баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды:
халықтың социаллық жақтан төмен қатламлары ҳәм мәмлекеттиң стратегиялық резервин қәлиплестириў ушын мөлшерленген пахта майы;
шелуха ҳәм пахта шигитиниң шроты.
ӨзА