Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёев Қирғизистон Президенти Алмазбек Атамбоев билан учрашди

Астана, 9-июнь. ӨзА арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабарлайды. 

ШБШның Астана саммити шеңберинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзи ушын ажыратылған резиденцияда Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев пенен ушырасты. 

Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Президенти менен бул гезектеги ушырасыўы еки мәмлекет арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеў, бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўде әҳмийетли басқыш болатуғынлығын, Самарқандтағы ушырасыўда ерисилген келисиўлерди мазмунлық жақтан байытатуғынлығын атап өтти.
Алмазбек Атамбаев өзбек ҳәм қырғыз халықларының әзелден туўысқанлық мүнәсибетлери, үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң уқсаслығы өзара бирге ислесиўди басқышпа-басқыш раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғанлығын билдирип өтти.
Кейинги пайытларда еки мәмлекет ортасындағы байланыслар сезилерли дәрежеде күшейди. Мәмлекет басшыларының телефон арқалы байланыслары, ҳүкиметлераралық ҳәм аймақлар дәрежесинде делегациялар алмасыўы әмелге асырылмақта. Еллеримиз жәмийетшилиги ўәкиллериниң Әндижан ҳәм Ош қалаларына өзара сапары болып өтти.
Президентлер сиясий пикирлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм социал-экономикалық мүнәсибетлерди кеңейтиў мәселелерин талқылап, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе бирқатар машқалалар бойынша пикир алмасты.

 

Темур Қурбонбоев (сүўрет), ӨзА