Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы баспасөз хызмети бүгинги күнде улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс алып барып атырған муғаллимлердиң пайдаланыўы ушын ҳәр қыйлы интернет сайтлары арқалы жасалма PISA тестлериниң тарқап кеткенин мәлим етпекте, деп хабар бермекте ӨзАның рәсмий сайты.
Мәлим болыўынша, PISA, PIRLS, TIMSS ҳәм TALIS халықаралық изертлеўлерге қатнасыўда өткен жыллар даўамында қолланылған тестлер үлгиси болып, олар Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы жанындағы Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайы тәрепинен усынылады.
Хош, бул изертлеўлердиң мазмуны қандай?
Улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс ислеп атырған педагоглар толық түсинип алыўы ушын төмендегилерди келтирип өтиў мақсетке муўапық:
PIRLS – баслаўыш 4-класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин баҳалаў;
TIMSS – 4 ҳәм 8-класс оқыўшыларының оқыў, математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин баҳалаў;
PISA – 15 жастағы оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин баҳалаў;
TALIS – улыўма орта билим бериў мектеплери директорлары ҳәм муғаллимлери менен сораўнама өткериў арқалы мектепте оқытыў ҳәм билим алыў процесслериниң нәтийжелилигин баҳалаў;
PISA халықаралық изертлеўине 15 жас 3 айлықтан 16 жас 2 айлыққа шекем болған оқыўшылар қамтып алынады. Изертлеўлердиң ҳәр үш жылда бир мәрте өткерилиўи болса мәмлекетлерге өзиниң билимлендириў системаларында келешекте ерисиў нәзерде тутылған тийкарғы мақсетлерди анықлап алыў имканиятын жаратып береди.
Бундай жасалма тестлердиң тарқап кетпеўи ҳәм халықаралық изертлеўлерге таярлық көриў бойынша тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў мақсетинде республикамыздың барлық аймақларында семинарлар шөлкемлестирилмекте. Себеби елимиз оқыўшыларының халықаралық изертлеўлерге мүнәсип қатнасыўы оған ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриўине тиккелей байланыслы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги