Республикалық Гидрометеорология орайының хабар бериўинше, 19-март күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы күтиледи. Шығыстан ескен самал өз бағытын өзгертип батыстан секундына 7-12 метр тезликте есип, 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 7-12 дәреже, күндизги ўақытлары 13-18 дәреже жыллы болыўы күтиледи.

 

ӨзА