Бердақ ҳәм Күнхожа шайырлардың қәбири Шымбай районындағы «Қарақум ийшан» қойымшылығында жайласқан.
Мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Бахытжан Ҳабибуллаев ҳәм Шымбай районы ҳәкими Полат Ешжанов күтип алды.
Шымбай районында қарақалпақ халқының уллы перзентлери Бердақ ҳәм Күнхожа шайырлардың ҳүрметине қурылған символикалық қәбир ҳәм мемориал музейге барып атырған туристлерде үлкен тәсир қалмақта.
Бердақ ҳәм Кунхожа шайырлардың қәбири Шымбай районындағы «Қарақум ийшан» қойымшылығында жайласқан. Бул жер Нөкис қаласынан 120 километр узақлықта жайласқан болып, 3,5-4 гектар майданды ийелеген.
Әтирапқа нәзер тасласаңыз, суў жетиспейди, жердиң шорланыўы күшли. Бирақ бул қутлы мәканда абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған, шор жерге шыдамлы дарақлар отырғызылған.
– Қутлы жерге ҳәр жылы сырт елден көплеген туристлер барады. Аймағымыздағы муқаддес зыярат етиў орынлары тек ғана республикамыз емес, ал пүткил Орайлық Азия халықлары ушын әзиз ҳәм қәдирли болып есапланады. Елимизге келип атырған туристлер уллы шайырларымызға болған ҳүрметимизди жоқары баҳаламақта, – дейди Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев.
Қарақалпақ шайырлары Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Күнхожа Ибрайым улы естелигине бағышланып шөлкемлестирилген музейде өзине тән бийбаҳа буйымлар сақланбақта.
– Бул музей туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта, – дейди Қарақалпақ өнерментшилик мектебиниң оқытыўшысы Қундыз Қурбанова. – Әсиресе, музейде естелик сүўрети сақланып атырған Бердақтың қызы Ҳүрлиман ҳаққындағы рәўиятлар ҳәр бир сапар етиўши ушын қызық болып есапланады. Өз ўақтында ҳаял-қызлар ушын шеклеўлер, әсиресе, қосық айтыў қадаған етилген бир дәўирде Ҳүрлиман өзиниң бақсышылық өнерин көрсете алған.
Инфо-тур даўам етпекте, сайтымызды бақлап барың!
Муҳайё Тошқораева, ӨзА