«Өзбекпиллесанаат» ассоциациясында 13-март күни Өзбекстан ҳәм Россия исбилерменлериниң бизнес-форумы болып өтти.

 «Өзбекпиллесанаат» ассоциациясы ҳәм Россияның «Комбат-Тур» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекеттиң туризм, аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, пиллешилик тараўында жумыс алып барып атырған кәрханалардың басшылары қатнасты.

Дүньяда пилле жетистириўге өзине тән жумыс түри сыпатында айрықша итибар қаратылады. Елимизде де Президентимиздиң басшылығында бул санаат тараўын буннан былай да раўажландырыў, пилледен таяр өним ислеп шығарыўға шекемги процессти сапалы шөлкемлестириў бойынша анық илажлар әмелге асырылмақта. Сапалы туқым жетистириў бойынша «Жол картасы» тастыйықланған. Онда наўқан қурты туқымын жетистириўге қәнигелескен кәрханаларды 2021-жылға шекем түп тийкарынан модернизациялаў белгиленген. Бул Өзбекстанда экспортқа қолайлы өнимди ислеп шығарыў көлемин сезилерли арттырыў имканиятын береди.

Илажда «Өзбекпиллесанаат» ассоциациясы басқармасы баслығының орынбасары Аъзамхон Абдуллаев елимизде жетистирилип атырған пилле өнимлери Қытай, Ҳиндстан, Япония, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилип атырғаны ҳаққында айтып берди. Тут жапырағынан чай ҳәм парфюмерия қураллары, наўқан қурты гүбелегинен май ислеп шығарыў, туризм, жумысты бөлип алып ислеў ҳәм миллий өнерментшиликти раўажландырыўға байланыслы перспективалы жойбарлар бойынша мағлыўматлар усынды.

– Мәмлекетиңизде бажыхана ҳәм салық реформаларының әмелге асырылып атырғаны, виза тәртибиндеги унамлы өзегрислер сырт ел инвесторларын тартыўда айрықша әҳмийетке ийе, – деди россиялы исбилермен Александр Чуранов. – Форум шеңберинде пилле ораў, жипек гезлеме тоқыў үскенелериниң аўысық бөлеклери, тут дарағы нәлшелери, наўқан қуртының суперэлита, элита ҳәм санаат туқымларын Өзбекстанға алып кириўде жаратылған жеңилликлер ҳаққында айтып берилди. Сапар шеңберинде пиллешилик ҳәм туристлик тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша додалаўлар өткердик.

Еки мәмлекет исбилерменлериниң сөйлесиў майданына айланған форум шеңберинде «Өзбекпиллесанаат» ассоциациясы системасындағы кәрханаларда ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбе саўдасы ҳәм миллий липаслар менен таныстырыў өткерилди.

Әнжуманда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, инвесторларды тартыў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў бойынша таныстырыўлар өткерилди. Туризм, аўыл хожалығы, текстиль ҳәм пилле санаатында жумыс алып барып атырған Өзбекстан ҳәм Россия исбилерменлериниң қатнасыўында B2B форматында ушырасыўлар өткерилди.

 

Сайёра ШОЕВА,

ӨзАның хабаршысы