Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы Президент қарарының жойбары жәрияланды.

 

Жойбарға муўапық, 2019-2020-оқыў жылынан баслап:

– Абитуриентлерге бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орнына (тәлим бағдарына) ҳүжжет тапсырыў ҳуқықы бериледи;

– Абитуриентлер жоқары оқыў орнына ҳүжжетлерди жасаў орнына қарамастан мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тапсырыў ҳуқықына ийе болады;

– Төлемли контракт тийкарында студентликке қабыл етилген барлық басқыш студентлери стипендияларынан ўаз кешиў арқалы жыллық алынатуғын стипендия муғдарына сәйкес түрде азайтылған төлемли контракт пулын төлеў ҳуқықына ийе;

– Жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бөлимлеринде оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады және оқытыўдың баҳасы күндизги билимлендириў формасынан төмен болғанын есапқа алып, тийисли бакалавриат тәлим багдары бойынша күндизги оқытыў формасы баҳасынан көп болмаған муғдарда белгиленеди.

 

Қарар жойбарының додалаўы 28-мартқа шекем даўам етеди. Жойбар усы формасында қабыл етилиўи, өзгертилиўи ямаса пүткиллей бийкар етилиўи де мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги