ӨзАның The Guardian Nigeria  мағлыўматларына сүйенип берген хабарында Нигерияда үш қабатлы мектеп имараты сабақ өтип атырған пайытта қулап түскен. Онда 100 ден аслам адам бүлгиншиликлер астында қалған. Көплеген оқыўшылар айрықша жағдай жүз берген Итафажи районындағы емлеўханаға жиберилген.

Излеў-қутқарыў жумыслары менен бир ўақытта ҳәдийсеге анықлық киргизилмекте. Мәлимлеме қуралларында дәслеп 8 адам, кейинирек болса 19 адам ўайран болған жерден шығарып алынғаны айтылмақта, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги