Президенттиң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

«Ҳуқуқый ахборот» каналының бул ҳаққындағы берген хабарында айтылыўынша, киргизилген өзгерислер менен, кәрханалар сырт ел валютасындағы түсимди жасырған жағдайда Орайлық банк, қаржы ҳәм салық уйымлары тәрепинен қолланылатуғын төмендеги санкциялар бийкар етилди:

финанслық санкцияларды қолланыў ҳәм ҳәкимшилик жәрийма салыў;

қағыйдаларды бузған ямаса валюта қадағалаўына ҳәм тәртипке салыў нормаларына әмел етилиўи ушын тийисли илажлар көрмеген лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў.

Сондай-ақ, ең кем айлық мийнет ҳакының 20 есесинен артық күнлик нақ пул түсимине ийе хожалық жүргизиўши субьектлер пулды банкке өзлери ямаса инкассация хызмети арқалы тапсырады.

20 есесинен кем болғанлар болса пулды инкассация хызмети арқалы өзлери белгилейтуғын дәўирде ямаса еркин тапсырады. Бурын, пулды еркин тапсырыў тәртиби нәзерде тутылмаған еди.

Орайлық банк тәрепинен коммерциялық банклердиң филиалларындағы нақ пул резервлери көлеминиң ең аз муғдарын тастыйықлаўына байланыслы әмелият  бийкар етилди.

Коммерциялық банклерде нақ пул қаржыларының берилиўи мониторинги бойынша арнаўлы бөлимлердиң жумысы тоқтатылды.

Буннан тысқары бажыхана шегарасы арқалы былғары, мамық жүн ҳәм қаракөл шийки затларын алып шығыў Президент ямаса Ҳүкимет қарарлары менен әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Бурын бул шийки затлар Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм «Өзбекчармпойабзали» ассоциациясы менен келисилген ҳалда Сыртқы саўда министрлиги тәрепинен берилетуғын рухсатнама тийкарында алып шығылған.

ӨзА