Еки жылдан берли замаррықтың ҳәр қыйлы түрлериниң туқымларын Россия Федерациясынан алдырып, оларды жергиликли шараятта жетистириў мақсетинде изленип киятырған тақыятаслы ибилермен Сайёра Аллаярова өз мақсетине жетти.   

Ол замаррықтың «вешенка» (латынша Pleurotus) түрин үй шараятында өндириўге еристи.

2018-жылы 25 миллион сум кредит еабынан 35 қоян алып, өзиниң исбилерменлик жумысын баслаған ҳәм олардың санын 300 ге жеткерген Сайёра Аллаярованы бүгинги күнде өзи жасайтуғын Тақыятас районының «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйынында көпшилик таныйды. Оны оғада талапшаң исбилермен, шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атырған искер ҳаял сыпатында аўылласлары ҳүрмет етеди.

Исбилермен Сайёра усының менен шекленип қалмастан, дәраматының бир бөлегин көптен берли изленип атырған талабы – замаррық жетистириўге жумсап барды. Үй шараятында замаррық жетистириў технологиясын үйренип, жақында витаминлерге бай «вешенка» замаррығын өндириўге ерисе алды.

 

– Замаррық жүдә тойымлы, калориялылығы ҳәм белокқа байлығы менен мал гөшиниң орнын баса алатуғын (соның менен бирге қурамында май жоқлығы себепли атеросклероз ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлеринен сақлайды), қантлы диабеттен жәбирленген наўқасларға пайдалы өсимлик болғаны ушын менде үлкен қызығыўшылық оятты. Бизиң жергиликли шараятта неге оны жетистириў мүмкин емес, деген сораў маған ҳеш тынышлық бермеди, – дейди Сайёра Аллаярова. – Россия Федерациясында жасайтуғын танысым замаррықтың туқымларын жибериўге разы болды. Туқымды алдым, бирақ, оны жетистириў ушын мәсләҳәтлесиўге бизде замаррық жетистиретуғын қәнигениң жоқлығы менде үлкен қыйыншылық туўдырды. Интернет тармағы арқалы да көп изледим, көрсетилген усыллар бойынша өндирип көрдим, бирақ нәтийже шықпады. Еки жыл даўамында замаррықтың ҳәр қыйлы түрлерин, ҳәр түрли усыллар менен өндириўге ҳәрекет еттим. Мийнетлерим жемисин берип, мақсетиме жеттим – оларды өндирип ҳәм көбейтип атырман.

Мени ойландырғаны, районымызда кем тәмийинленген шаңарақлар жүдә көп. Олар ҳәр күни гөш сатып алып жеў имканиятына ийе емес. Замаррық гөштиң орнын баса алады, бирақ гөштен 2-3 есе арзан ( базарда гөштиң килограмы 35-40 мың сум болса, С.Аллаярова өзи жетистирген замаррықтың килограмын 15 мың сумнан сатпақта. –Ред).  Енди алдағы ўақытлары кеңирек имарат салып, замаррық жетистириўди және де көбейтиў нийетиндемен.

– Районымызда С.Аллаярова сыяқлы изленип тынбайтуғын исбилерменлеримиз оғада көп, – дейди Тақыятас районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зульфия Сапарова. – Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып, кең имканиятлар, шараятлар жаратылып берилмекте. Сол ушын да олар исеним менен бизнес режелер дүзип, исбилерменлик жумысларын жолға қоймақта.

Ҳақыйқатында да, 2018-жылы республикамызда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жеке исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 1 мың 482 ҳаял-қызға жеңиллетилген төрт процентли кредит ажыратылып,  оларға жәми 20 миллиард 28 миллион сум муғдарында кредит берилди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2018-жыл 7-июньдеги «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында 1 мың 863 ҳаял-қызға 38 миллиард 122 миллион сум муғдарында  кредит берилген болса, солардың ишинде С.Аллаярова да усы бағдарламада белгиленген жеңилликлерден пайдаланып, 7 процентли жеңиллетилген кредит алды ҳәм қоян бағыў менен замаррық жетистириў арқалы айына 3 миллион сум дәрамат алмақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.