2019-жыл 28-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси жумыс баслады. Онда ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, елимиздиң және сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби тастыйықланғаннан кейин сенаторлар көрип шығылатуғын мәселелерди додалаўға киристи.

Сенаторлар жумысты «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалаўдан баслады.

Сайлаў кодекси 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылған. Ҳүжетте пуқаралардың сайлаў ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў, Президент, Олий Мажлис, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының жумысы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын сайлаў ҳаққындағы әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормаларын тәртипке салыў нәзерде тутылады.

Бул ҳүжжетти ислеп шығыў процесинде сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин хатлаўдан өткериў және сайлаўға  таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң миллий  әмелиятын улыўмаластырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылды. Буннан тысқары 20 дан аслам мәмлекеттиң, соның ишинде, Франция, Голландия, Канада, Италия, Швеция, Бельгия, Польша, Албания, Беларусь, Әзербайжанның тәжирийбеси, сондай-ақ, халықаралық сайлаў стандартлары, соның ишинде, ЕҚБШның ДИИҲБ усыныслары, Венеция комиссиясының усыныслары үйренилди.

Шығып сөйлеген сенаторлардың атап өткениндей, Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин тәртипке салыўға жәрдемлесип ғана қоймастан, ал сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ҳәм сайлаў әмелиятын жетилистириўге хызмет етеди. Мәселен, Сайлаў кодексинде беккемлеп қойылған нормаларға бола, Экологиялық ҳәрекет ўәкиллери ушын Нызамшылық палатасында депутатлардың орынларын квоталаў институты шығарып тасланады, онда Нызамшылық палатасындағы депутатлар орынларының улыўма саны (150 орын) сақлап қалынады.

Сондай-ақ, Сайлаў кодексинде үлкен жәмийетлик қәўпи болмаған жынаятлар ҳәм  онша аўыр болмаған жынаятлар ислегени ушын еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслардың сайлаўға қатнасыўы бойынша шеклеўлер алып тасланбақта.

Буннан тысқары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине талабанлар көрсетиў тәртиби бийкар етилмекте. Сол тәризде сиясий партиялар халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге талабанлар көрсетиўде толық ҳуқыққа ийе болады.

Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў тәртиби нызамшылық жолы менен белгилеп қойылмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизиминиң әмел етиў тәртиби нызамшылық дәрежесинде тәртипке салынбақта, бул сайлаўшыны «бир сайлаўшы – бир даўыс» принципи бойынша тек ғана бир сайлаўшылар дизимине киргизиў тәртиби енгизилиўин тәмийинлейди.

Сондай-ақ, мүддетинен бурын даўыс бериў, ҳәм сайлаў күни даўыс бериў ушын бирден-бир ҳүжжет – сайлаў бюллетенин енгизиў арқалы «сайлаў қағазы» түсиниги нызам ҳүжжетлеринен шығарып тасланбақта. Сайлаўшыларға өзи жақлап даўыс беретуғын талабанның фамилиясының қарсысына, оң тәрепинде жайласқан бос квадратқа белгилердиң бирин (+,✓,Х) қойыў имканияты берилмекте.

Сайлаў кодексинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, шөлкемлер тәрепинен участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар бойынша усыныслар киргизиў тәртиби белгиленбекте. Талабанлар районлық, қалалық Кеңеслердиң мәжилислеринде додаланады ҳәм округлик сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи.

Атап өтилгениндей, Сайлаў кодексинде сайлаў комиссиясы ағзаларына қойылатуғын талаплар беккемленбекте. Соның ишинде, жигирма бир жасқа толған, орта ямаса жоқары мағлыўматқа, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша жумыс тәжирийбесине ийе болған, халықтың арасында абырайға ийе пуқаралар сайлаў комиссияларының ағзалары болыўы мүмкин екени белгилеп қойылмақта. Бунда сайлаў комиссиясы ағзалары басқа  сайлаў комиссиясы, сиясий партиялар ағзалары болыўы мүмкин емес. Ҳәкимлер, прокуратура уйымларының, судлардың лаўазымлы шахслары, талабанлардың жақын туўысқанлары ҳәм исенимли ўәкиллери, талабанларға тиккелей бойсынатуғын шахслар сайлаў комиссияларының қурамында болыўы мүмкин емес.

Сенатаорлар тәрепинен атап өтилгениндей, Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи улыўма қағыйдаларды бирден-бир ҳүжжеттте бирлестириў ҳәм сайлаў процесиниң процедураларына байланыслы мәселелерге, соның ишинде, участкалық сайлаў комиссиясының жумысларына анықлық киргизиў, сайлаў компаниясының жәриялылығы ҳәм ашық-айдынлығы принциплерин беккемлеў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң парламент ағзалары «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша компексли илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ислеп шығылды.

Шығып сөйлеген сенаторлар репродуктивлик саламатлық мәселелери, улыўма пуқаралардың денсаўлығын, аналықты ҳәм балалықты сақлаў, ҳәр тәреплеме ҳәм жетик әўладты қәлиплестириў ушын барлық зәрүр шараятты жаратыў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдалары екенин атап өтти. Соннан келип шыққан ҳалда, нызамның мақсети – халықтың репродуктивлик саламатлығын сақлаў, нәсилсизликтиң алдын алыў ҳәм оны емлеў тараўындағы жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыў болып табылады. Нызамның ҳуқықый тәртипке салыныўы елимиз пуқараларының денсаўлығын, олардың саламат ҳәм бахытлы шаңарақ қурыў имканиятларын тәмийинлеўге қаратылған.

Нызамда тийкарғы принциплер белгиленген болып, пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаўды шөлкемлестириўдиң барлық басқышларында медициналық хызметлердиң қолайлылығын ҳәм сапалылығын, пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў және шаңарақты режелестириў бойынша мәмлекет тәрепинен кепилленген хызметлердиң көлемин тәмийинлеў, жеке турмысқа араласыўдан қорғаныў, жеке ҳәм шаңарақлық сырды сақлаў мәселелеринде ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың теңлиги солардың қатарына киреди. Буннан тасқары, ҳүжжетте бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленген: пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў тараўында мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў; пуқаралардың саламатлығын сақлаў системасын раўажландырыў ҳәм жетилистириў; ата-аналарда саламат балалар туўылыўы ушын жуўапкершилик сезимин пайда етиў арқалы оларда саналы қатнас жасаўды қәлиплестириў ҳәм басқалар.

Бул нызам халықтың репродуктивлик саламатлығын жақсылаў системасын нызамшылық дәрежесинде беккемлеп қойыўға жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақуллады.

Буннан соң сенаторлар «Жазаны өтеў мәкемлеринен азат етилген айырым топардағы шахслар үстинен административлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Ҳүжжет 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылғанына итибар қаратылды.

Нызамда административлик қадағалаўдың төмендеги тийкарғы принциплери беккемленбекте:  нызамшылық, инсаныйлық, белгиленетуғын шеклеўлердиң дифференцияластырылғаны ҳәм индивидуалластырылғаны. Сондай-ақ, административлик қадағалаў, административлик шеклеў, қадағалаў астындағы шахстың жасаў орны сыяқлы таяныш түсиниклерге анықлық киргизилмекте. Суд тәрепинен ержеткен оғада қәўипли рецидивист деп табылған шахсларға; аўыр ямаса оғада аўыр жынаятларды ислегени ушын еркинен айырыўға ҳүким етилген шахсларға; Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине муўапық аўыр ямаса оғада аўыр жынаят есапланатуғын қылмысларды ислегени ушын басқа  мәмлекет аймағында еркинен айырыў тәризиндеги жазаны өтеген  шахсларға административлик қадағалаў орнатылыўы мүмкин екени белгиленбекте. Бунда административлик қадағалаў судланғаны алып тасланған ямаса судланғанлық жағдайы жуўмақланған шахсларға орнатылыўы мүмкин емес. Буннан тысқары, қадағалаў астындағы шахсларға судтың исленген қылмыстың өзгешелиги есапқа алынған ҳалдағы қарары тийкарында административлик шеклеўлерге анықлық киргизилмекте ҳәм олар толықтырылмақта (алкогольли ишимликлер пайдаланыўды қадаған етиў ҳәм басқалар).

Соның менен бирге, нызамда белгилениўинше, қолланылатуғын административлик шеклеўлер суд тәрепинен ишки ислер уйымларының усынысына ямаса қадағалаў астындағы шахстың ямаса оның ўәкилиниң арзасына, сондай-ақ, мийнет жәмәәтиниң, жәмийетлик бирлеспениң ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының өтиниши бойынша, қадағалаў астындағы шахстың турмыс тәризи ҳәм минез-қулқы ҳаққындағы мағлыўматлар есапқа алынған ҳалда бир бөлеги бийкар етилиўи мүмкин.

Додалаў ўақтында атап өтилгениндей, нызам бурын судланған шахслар тәрепинен жынаятлар қайта ислениўиниң алдын алыўға, оларда унамлы социаллық бейимликти жаратыўға, сондай-ақ, қайта тәрбиялаўда ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда жәмийетшиликтиң ролин арттырыўға жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Ҳүкиметти қәлиплестириў тәртиби демократияластырылыўы ҳәм оның жуўапкершилиги күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2-бәнтине муўапық ислеп шығылды.

Соның ишинде, дүзетиўлерде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзаларына талабанларды көрип шығыў ҳәм мақуллаў тәртиби нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, нызамда беккемленип атырған нормаға бола Бас министр Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ағзалары менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатынан келип шығатуғын тийисли жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама орынланыўының барысы ҳаққындағы есабатты ҳәр шеректе Олий Мажлис палаталарына усыныўы керек.

Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи ҳүкимет жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиўге жәрдемлеседи ҳәм Министрлер Кабинетин қәлиплестириўдиң демократиялық процедураларын тәмийинлейди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Айырым мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы да сенаторлар тәрепинен додаланды. Нызамда Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамларына Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенатта турақлы түрде ислейтуғын сенаторлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Нызам менен Пуқаралық процессуал кодексине, Экономикалық процессуал кодексине ҳәм Административлик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине суд ислерин жүргизиўге қатнасыўшыларды ҳәм суд мәжилиси залына келгенлердиң белгилеп жазып алыў, стенограмма жүргизиў ҳәм даўыс жазып алыў ҳуқықына анықлық киргизиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. «Судлар ҳаққында»ғы нызам Өзбекстан Республикасы Олий судының нызамларды шолыў ҳәм (ямаса) белгили бир жумыста қолланылыўы зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы усынысты Олий суд баслығы тәрепинен Олий суд пленумы көрип шығыў ушын киргизиў ҳаққындағы норма менен толықтырылмақта.

Буннан тысқары, бир қатар нызамларға Министрлер Кабинетиниң Олий Мажлис палаталарындағы ўәкилликли ўәкилиниң Нызамшылық палатасы комитетлери мәжилислеринде нызам жойбарларын додалаўға қатнасыў ҳуқықын нәзерде тутатуғын ҳәм Министрлер Кабинетиниң ағзаларына, мәмлекетлик басқарыў уйымларының, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахсларына жиберилген парламентлик сораўға, сондай-ақ, сенатордың, нызамшылық палатасы депутатының сораўына өз ўақтында жуўап жиберилиўин тәмийинлеўде жәрдемлесиў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги жумысы ҳәм парламентлик қадағалаў тараўында Министрлер Кабинетиниң Олий Мажлис палаталары менен өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў функцияларын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят процессуал кодекслерине және Өзбекстан Республикасының Административлик жуўапкершилик ҳаққында кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Жынаят, Жынаят процессуал кодекслерине ҳәм административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ушыўшысыз ушатуғын аппаратлар, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерин нызамсыз рәўиште алып киргени, өткергени, алғаны, сақлағаны ямаса олардан пайдаланғаны, соның менен бирге, ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды сақлаў, олардан пайдаланыў ямаса басқа да шахсларға бериў тәртибин бузғаны, сондай-ақ, олардан басқа мақсетлерде пайдаланғаны ушын жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизимекте. Бунда ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды нызамсыз рәўиште алып кириўде, өткериўде, алыўда, сақлаўда ямаса олардан пайдаланыўда оларды өз ықтыяры менен тапсырған шахс жуўапкершиликтен азат етилиўи ҳаққында қосымша киргизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-апрельдеги пәрманы менен тастыйықланған Қурылыс жумысын жетилистириў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарлармасының 2-бәнтине муўапық Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жәрийма муғдарлары арттырылыўын, қурылыс тараўында қадағалаў ҳәм жол-қурылысы жумысларының сапасы үстинен қадағалаў инспекцияларының көрсетпелерин орынламағаны (жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы объектлеринен тысқары), объектлерди қурыў тараўындағы ҳәм жол-қурылыс тараўындағы жумыслардың сапасы үстинен қадағалаў инспекцияларының рухсатысыз қурғаны ушын жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Бунда архитектура ҳәм қурылыс уйымларының административлик ҳуқық бузарлықлар ҳаққындағы протоколларды дүзиўге байланыслы ўәкилликлери Қурылыс тараўында қадағалаў ҳәм жол-қурылысы жумысларының сапасы үстинен қадағалаў инспекцияларына берилмекте.

Буннан тысқары, Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске басқаның товар белгилесинен, хызмет көрсетиў белгисинен, товар келип шыққан орынның атынан ямаса фирма атынан нызамсыз түрде пайдаланғаны, авторлық ҳуқықын ҳәм түрлес ҳуқықларды, ойлап табыўға, пайдалы модельге ҳәм санаат үлгисине болған ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған өзгерислер киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Парламенттиң жоқары палатасы ағзалары «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Нызам нормалары парламенттиң төменги палатасының қадағалаў-таллаў жумысынан келип шығып ислеп шығылған және пуқаралар, кең жәмийетшилик ўәкиллерине атмосфера ҳаўасын қорғаў мәселелери бойынша жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм жәмийетлик экологиялық экспертиза өткериўге қатнасыў ҳуқықын бериўге қаратылған. Нызамда бир қатар мәмлекетлик уйымлардың, соның ишинде, Министрлер Кабинети Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери белгиленген. Нызамда атмосфера ҳаўасын қорғаў үстинен экологиялық қадағалаў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ишки ислер министрлигиниң ўазыйпалары да белгилеп берилмекте.

Шығып сөйлеген сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи атмосфераға тасланып атырған зыянлы шығындылардың көлемлерин азайтыўға ҳәм ҳаўаның тазалығын тәмийинлеўге, сол арқалы қоршаған орталықтың, адамның өмири, денсаўлығы ҳәм генофонды қәўипсизлигин тәмийинлеўге, экологиялық турақлылықты сақлаўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Қамалғанлардың және қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықларын қорғаў механизмлери жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалады.

Лаўазымлы шахслардың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили  (омбудсман) алдындағы жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (омбудсманның) нызамлы жумысына тосқынлық еткени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын норма менен толықтырыў усыныс етилмекте.

Буннан тысқары, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы нызамына киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар Омбудсман тәрепинен турақлы түрде қамақта сақлаў орынларына кириў, қамақта сақланып атырған шахслардың саны ҳаққында мағлыўмат алыў. оларды сақлаў шараятын үйрениў, қамақта сақлаў орынларындағы шахслар менен жеке ушырасыў, сондай-ақ, бул орынлардың административлик хызметкерлери менен ушырасыў ҳәм усы ушырасыў және сәўбетлерди техникалық қураллардан пайдаланған ҳалда протоколын жазыў жолы менен қыйнаў ҳәм басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас жасаў ҳәм жаза түрлериниң алдын алыўға қаратылған.

Омбудсманға бундай орынларда шахсты сақлаўдың нызамлылығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер менен танысып шығыў ҳәм администрациядан олардың көширме нусқаларын алыў, администрациядан қамақта сақланып атырған шахсты медициналық тексериўден өткериў, оған медициналық, психологиялық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиўди талап етиў ҳәм бул илажлардың өткерилиўинде қатнасыў ҳуқықы берилди.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили енди қамақта сақлаў орынлары администрациясы басшысынан қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары, еркинлиги ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери бойынша түсиниклер алыў, қамақта сақлаў орынлары администрациясы басшысының нызамға қарсы ҳәрекетине (ҳәрекетсизлигине) шек қойыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар көриў, шахсларды қамақта сақлаў шараяты ҳаққында жуўмақ таярлаў ҳәм оны тийисли шөлкемлерге ямаса лаўазымлы шахсларға жибериў, сондай-ақ, тийисли мәмлекетлик уйымларға қыйнаў ҳәм басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас ҳәм жаза түрлериниң алдын алыў жумысын жетилистириўге қаратылған усыныслар киргизиў ҳуқықына ийе болады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў менен байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты. Нызамда 24 нызам ҳәм 8 кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы, «Созылмалы алкоголь, нәшебент ямаса таксикоман болған наўқасларды мәжбүрий емлеў ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы, «Реклама ҳаққында»ғы, «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамларға, Ҳаўа кодексине, Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, Пуқаралық кодексине «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы нызамнан келип шығып, ҳәр қыйлы түсиндириў имканиятын бийкарлайтуғын түсиниклер ҳәм терминлердиң мәнилерине муўапық оларды бирдей қолланыўды тәмийинлеўге қаратылған редакциялық дүзетиўлер киргизилмекте.

Сондай-ақ, бир қатар нызамларға сорастырыў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен редакциялық дүзетиўлер киргизилмекте. Процессуал ҳәрекетлерди видеоконференцбайланыс режиминде өткериў тәртибин, шәртлерин ҳәм тийкарларын анықлаў мақсетинде Жынаят-процессуал кодекси жаңа нормалар менен толықтырылмақта. «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған дүзетиўлерге бола, ишки ислер уйымларының тергеў бөлимлери сорастырыўшыларға, тергеўшилерге ҳәм басшыларға жынаят ислери Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, Ташкент қаласы, ўәлаятлар прокурорлары ҳәм оларға теңлестирилген прокурорлар тәрепинен, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў департаментиниң тергеўшилерине, бөлим басшыларына ҳәм баслығына байланыслы болса Бас прокурор ямаса оның орынбасарлары тәрепинен қозғатылады.

Нызам қабыл етилиўи жынаят процесин буннан былай да жетилистириўге жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Бул ҳүжжет тиккелей әмел ететуғын нызам талапларына жуўап бермейтуғынын есапқа алып, Олий Мажлис Сенаты нызамнан бас тартыў ҳәм оны мақуллаў процесинде жүзеге келген келиспеўшиликлерди шешиў ушын парламент палаталарының  келисим комиссиясын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етти.

Буннан соң сенаторлар «Жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын додалады.

Нызам Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, Жынаят, Жынаят-процессуал, Пуқаралық, Жер ҳәм Салық кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Нызам қабыл етилиўи жер ресурсларынан, әсиресе, суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин беккемлеўди ҳәм арттырыўды тәмийинлеўге жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Ҳүжжетте «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы нызамға, Турақ жай, Жер, Қала қурылысы кодекслерине ҳәм бир қатар басқа да нызамларға өзгерислер киргизилмекте. Мәселен, «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы нызамға «халықаралық облигация» (эмитент тәрепинен шығарылатуғын ҳәм финанслық шөлкемлердиң топары тәрепинен жайластырылатуғын эмитенттиң мәмлекеттен тысқары бир ямаса оннан көбирек мәмлекетте усыныс етилетуғын бирлемши рәўиште (соның ишинде, жазылыў) тек ғана бул топар арқалы сатып алынатуғын эмиссиялық баҳалы қағаз) түсинигин киргизиўди, әмелдеги тәртип шеңберинен тысқарыда «халықаралық облигациялар» түсинигин киргизиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Оған муўапық Министрлер Кабинети баҳалы қағазларды жайластырыў ҳәм айланысқа киргизиў квоталары ҳәм тәртибин белгилейди.

Шығып сөйлеген сенаторлар кейинги жылларда республикада көрилген илажлардың нәтийжесинде Жәҳән банки ҳәм халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» рейтингинде Өзбекстанның көрсеткиши еки есеге жақсыланып, дүньяның 190 мәмлекети арасынан елимиз 146-орыннан 76-орынға көтерилгенин атап өтти. Бирақ тараўдың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириў ўазыйпасы еле де әҳмийетли болып қалмақта.

Дүзетиўлер әне усыған қаратылған болып, бул бизнес жүргизиў тараўында елимиздиң абырайын буннан былай да жақсылаўға жәрдемлеседи. Нызамшылықта қолайлы бизнес-орталығын қәлиплестириўге қаратылған «Бизнес жүргизиў» есабаты метологиясы талапларын нызам ҳүжжетлерине киргизиў нәзерде тутылмақта.

Мәселен, көшпес мүлк алды-саттысы ҳаққындағы шәртнаманы нотариал тәртипте әлбетте тастыйықлатыўды бийкар етиў, акционерлик жәмийетлери ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер устав қорларының ең кем муғдарына қойылған талапты бийкар етиў, лицензия талапларындағы устав капиталдың ең кем муғдарына қойылған талапларды белгилеў ҳаққындағы нормалар киргизилмекте. Сондай-ақ, акционерлик жәмийети устав капиталында кеминде 15 процентлик үлеске ийе инвестордың үлеси болыўы ҳаққындағы талапты бийкар етиў нәзерде тутылмақта. Әмелдеги акционерлер қосымша шығарылатуғын акцияларды сатып алыўда акционерлердиң улыўма мәжилисине мәжбүрий аудиторлық тексериў өткериў ушын аудиторлық шөлкемин белгилеў ўәкиллигин бериўде тийкарғы ҳуқыққа ийе екени ҳаққындағы тәртип белгиленбекте.

Сенаторлар нызам исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыўдың ҳуқықый тийкарын беккемлеў имканиятын беретуғынын атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳаққындағы бир қатар нызамларды көрип шықты ҳәм мақуллады.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он сегизинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Баспасөз хызмети