Нөкис қаласындағы орайлық «Туран» стадионы жанынан өтип баратырғанымызда жанымдағы жолдасымның, «Бир ўақытлары мына стадион жанкүйерлерге лыққа толы болатуғын еди. Өзбекстан чемпионатының жоқары лигасында ойнаған Нөкистиң «Арал» (соңынан «Туран») командасының ҳәр бир ойыны болатуғын күн халқымыз ушын үлкен байрам болды,-десек асыра айтқан болмаймыз. Командамыздың ойынын тамаша етиў ушын тек Нөкис қаласынан емес, ал, республикамыздың көпшилик районларынан жанкүйерлер ўақыт таўып жетип келетуғын еди.

Сол жыллардағы Ташкенттиң «Пахтакор», Ферғананың «Нефтчи», Наманганның «Нәўбәҳәр» ҳәм елимиздиң ең күшли есапланған басқа да командалары бул стадионнан жеңилип қайтқанының талай мәрте гүўасы болғанбыз. Командамыз қурамындағы дәрўазаман Бердақ Алланиязов, қорғаўшылар Қуўат Төреев, Жамалатдин Бекмуратов, ярым қорғаўшылар Леонид Тигай, Мақсетулла Қутыбаев, ҳүжимшилер Махсуд Абдуллаев, Нағметулла Қутыбаев, Қәдир Ибрагимовлардың ойынлары еле көпшиликтиң ядында болса керек.

Жолдасымның гәпинде жан бар. Сол ўақыттағы күшли командалар «Арал»  командасы менен ойынға «қатаң таярлық» пенен келетуғын еди. Себеби, командамыз өз майданындағы ойынлардың көпшилигинде шырайлы ойын көрсетип, жеңиске ерисетуғын еди.

Командамыздың сол ўақыттағы ҳәр бир ойынынан «Спорт», «Өзбекстан футболы» ҳәм жергиликли газеталарға репортажлар таярлап бардық. Ҳәттеки, айырымлары Өзбекстан телевидениеси арқалы көрсетилип барылды.

Республикамыз футболының тәрбияланыўшыларынан дәрўазаман Бердақ Алланиязов Өзбекстан сайланды командасының қурамында Японияның Хиросима қаласында болып өткен XII Азия ойынларының чемпионы болды. Соның менен бирге, Қәдир Ибрагимов, Нағметулла Қутыбаев, Наўрыз Қайыпов елимиздиң тийкарғы сайланды командасының, Азамат Ильясов, Жандос Әметовлар жас өспиримлер сайланды командасының қурамына мирәт етилди. Бердақ Алланиязов Төреқорғанның «Ёшлик», Қәдир Ибрагимов Қазақстанның «Қайсар», Нағметулла Қутыбаев Ферғананың «Нефтчи», Ташкенттиң «Пахтакор», Қазақстанның «Ордабасы»,  Қуўат Төреев Ташкенттиң «Пахтакор», Мүбәректиң «Машъал», Жандос Әметов Қазақстанның «Ордабасы»,  Шарьяр Жумабеков Самарқандтың «Динамо», Аманбай Абдуллаев Ташкенттиң «Пахтакор», Мүбәректиң «Машъал» командаларының қурамында шырайлы ойынлары менен жанкүйерлердиң алғысына миясар болды. Олардың изинен бир қатар жас футболшылар жетилисип шықты.

Жасыратуғыны жоқ, кейин ала республикамызда миллионлар ойынына болған итибар дыққаттан шетте қала баслады. Ойыншыларға тийисли шараятлар жаратылып берилмегенлигинен командамыз жоқары лигадан биринши лигаға түсип кетти. Футболшылар ўақтында мийнет ҳақылары менен тәмийинленбегенликтен көпшилик футболшылар басқа командаларға өтип кетти. Нәтийжеде «Арал» командасы биринши лигада соңғы орынларды ийелеп келди.

Кейинги әўлад ўәкиллеринен Азамат Алланиязов Наманганның «Нәўбәҳәр», Саламат Қутыбаев «Бухара», Айбек Нурбаев, Наўрыз Қайыпов, Дамир Низамов Ферғананың «Нефьтчи», Наўрыз Алимов Наўайының «Қызылқум», Азамат Бабажанов Самаркандтың «Динамо», Мансур Абдуллаев Үргеништиң «Хорезм», Тимур Турдиев Бекабадтың «Металлург командаларының қурамына қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  1996-жыл 1-февральдағы «Өзбекстанда футболды раўажландырыўды шөлкемлестириў тийкарларын ҳәм принциплерин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында 7-санлы футбол бойынша қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернаты ашылды. Бул мектеп-интернатында жас футболшылар таярлаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылды. Деген менен, қыйыншылықлар да көп болды. Ең баслы машқала, Нөкис қаласының қубла тәрепинен жайласқан оқыў орны өзиниң стадионынан ийе емес еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-марттағы «Футболды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2018-жыл 2-июньдеги «Спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатларының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарлары бул бағдардағы жумысларды жетилистириўде әҳмийетли қәдем болды. Усы қарарлар тийкарында бурынғы Нөкис қаласы футбол бойынша қәнигелестирилген мектеп-интернаты негизинде Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында жаңадан Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы шөлкемлестирилди. Бундағы мақсет, перспективалы жас, кейин ала профессионал тәриздеги футболшыларды таярлаў, футбол бойынша миллий сайланды командалар және профессионал футбол клублары ушын сапалы резерв таярлаў,  орынларда оларды таңлап алыў (селекция) жумысларын әмелге асырыў болып табылады.

Жаңадан ашылған футбол академиясына республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан миллионлар ойынына қызығатуғын  жети жас категориясындағы (11-17 жас аралығындағы) 1115 бала ҳүжжет тапсырған болса, олардың арасынан ең қәбилетли, физикалық таярлық, ойын көнликпелери ҳәм тест сынақларынан табыслы өткен 154 оқыўшы қабыл етилди. Бүгинги  күни академия ўақытша Нөкис экономика кәсип-өнер колледжиниң имаратына жайластырылған болып, күнделикли сабақлар 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде алып барылмақта. Ҳәр күни шынығыўлар «Туран» стадионында өткериледи. Оларға бас ҳәм жәрдемши, сондай-ақ, селекция, жеке таярлық, дәрўазаманлар, физикалық таярлық бойынша 20  тренер футбол сырларын үйретип барады.

Дурыс, еле де машқалалар баршылық. Кәсип өнер-коллеждиниң имараты толық талапқа жуўап бермейди. Жас футболшылар шынығыўларды өткериў ушын бираз жерге қатнаўына туўра келмекте. Сонлықтанда футбол академиясы барлық қолайлықларға ийе өз алдына имарат пенен тәмийинленсе, мақсетке муўапық болар еди. Себеби. бул жерде республикамыздың «Арал», кейин ала Өзбекстан сайланды командасы ушын резерв ойыншылар тәрбияланып шығады. Футбол академиясы директоры Мансур Абдуллаевтың атап өткениндей, буның ушын толық имканият бар. Егерде оқыў басланған дәўирде жас футболшылардың физикалық таярлығы, тест сынақлары нәтийжеси ҳәм ойын көнликпелери орташа 79,1 процентти көрсеткен болса, өткен қысқа ўақыт ишинде бул көрсеткиш 89,9 процентке жетти. Демек, итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў болса, олардың арасынан келешекте қәбилетли футболшылар жетилисип шығыўына үмит етсе болады.

Академияның жас футболшылары Өзбекстан футбол ассоциациясы кубогы ушын өткерилип киятырған жарысларға турақлы қатнасып келмекте. Өткен жылдың ноябрь айында 2003-2004-2005-жыллары туўылған балалар арасында Ташкент қаласында өткерилген жарыста республикамыздың командасы жақсы ойынлар көрсетти. Соның ишинде, 2005-жылы туўылған балалар командасы қурамынан  Жасур Атажанов пенен Самандар Муратбаевлар Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы тренерлериниң нәзерине илинди.

-Әмиўдәрья районындағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт  мектебинде тренерим Тимур Сабировтың басшылығында футбол сырларын үйрендим,-дейди Жасур Атажанов.-Өткен жылы академияға қабыл етилдим. Бул жердеги шараятлар жақсы. Төрт мезгил аўқат, жатақхана менен тәмийинлеп қойыпты. Устазымыз Ерғалий Мақсетов ҳәм Самат Палўановлардың басшылығында «Туран» стадионында ҳәр күни  бир ярым-еки саат даўамында шынығыўлар ислеймиз. Келешекте Әдил Ахмедов, Жалалатдин Машариповлар сыяқлы белгили футболшы болып жетисиўди қәлеймен.

Қарарда футбол раўажланған еллерде өткерилетуғын жарыслар ҳәм оқыў-шынығыў жыйынларына қатнасыў арқалы академия оқыўшыларының профессионаллық дәрежесин арттырып барыў нәзерде тутылған. Бул бағдарда Өзбекстан футбол ассоциациясы Испанияның дүньяға белгили «Реал Мадрид» командасының академиясы менен бирге ислесиў бойынша келисимге ерисилди. Усы келисимге муўапық Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм бизиң республикамыздағы жаңадан шөлкемлестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академияларының үш жүзге шамалас тәрбияланыўшылары арасынан қәбилетли 22 жас футболшы  2018-жылдың 28 сентябрь ҳәм 7-октябрь күнлери аралығында Мадридтиң «Реал» командасының академиясында мастер-класс шынығыўларына қатнасып қайтты. Олар арасында Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының тәрбияланыўшысы Бегис Қуўанышбаев та бар.

Соның менен бирге, «Реал» командасы академиясы тренерлериниң елимизде жаңадан шөлкемлестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының тәрбияланыўшыларына мастер-класс шынығыўларын өткериў  ушын мирәт етилди. Өткен жылы испаниялы қәнигелер республикамызда болып,  тренерлери Хавьер Вара ҳәм Эктор Висенте республикамызда болып, «Туран» стадионында Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының жас футболшыларына усындай шынығыўлар өтти. Бундай байланыслар алдағы ўақытлары да даўам етсе, мақсетке муўапық болар еди.

Футбол академиясы басшыларының атап өткениндей, соңғы ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Футбол федерациясы тәрепинен оқыў орнына айрықша итибар қаратылып атыр. Жақында барлық тәрбияланыўшылар спорт кийимлери ҳәм инвентарьлары менен тәмийинленди. Академияға қәўендерлер тәрепинен автобус ажыратыў режелестирилмекте. Футболшылардың шет тиллерин билиўи айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтанда бул жерде инглис ҳәм рус тиллери, сондай-ақ, шахмат дөгереклерин ашыў нәзерде тутылмақта.

Ҳәр қандай исте итибар және қоллап-қуўатлаў болса, унамлы нәтийже болатуғынлығы сөзсиз. Жаңадан шөлкемлестирилген академия тәрбияланыўшылары арасында келешекте жоқарыда атлары атап өтилген спортшылар сыяқлы елимизге, соның менен бирге, сырт еллерге белгили спортшылар жетилисип шығатуғынына гүман жоқ. Сонда ғана республикамыздың бас командасы «Арал» Өзбекстан чемпионатында күшли командалар қатарынан орын алып, жанкүйерлер әжайып футбол ойынларының гүўасы  болар еди. Әлбетте, буннан тийисли жуўмақ шығарылады, деген үмиттемиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.