Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында аўыл хожалығы егинлериниң зыянкеслерине, кеселликлери менен жабайы шөплерге қарсы гүресиў, минерал төгинлер менен азықландырыў және агрохимиялық хызметлерди шөлкемлестириўге бағышланған оқыў семинары болып өтти.

Илажда «Қорақалпоқагрокимёҳимоя» аймақлық акционерлик жәмийетиниң директоры  А.Дәўлетов, «Өзагрокимёҳимоя» акционерлик жәмийетиниң штаб баслығы Т.Ҳамрақулов, усы акционерлик жәмийеттиң басқарма баслығы, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Б.Акрамов, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының директоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Е.Төрениязов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 25-февраль күни болып өткен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли болған ғәлле тәрбиясын системалы шөлкемлестириў ҳәм зүрәәтке-зүрәәт қосыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын мәселелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, республикамызда быйылғы жылдың өними ушын 53 мың гектарға гүзлик бийдай егилди.  «Қорақалпоқагрокимёҳимоя» аймақлық акционерлик жәмийетиниң районлық филиаллары тәрепинен бийдай, пахта ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлерин жабайы шөп, кеселлик ҳәм зыянкеслерден сақлаў, агрохимиялық сервис хызметлерин көрсетиў бойынша штаблар дүзилди.  Барлық районларға 80 агроном-энтомолог жумысқа қабыл етилип,  олардың басшылығында бийдай майданларын суспензия менен азықландырыў ҳәм химиялық усылда қайта ислеў илажларын өткериў ушын 95 отряд дүзилди.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен усы жылдың 3-февраль күни өткерилген селектор мәжилиси тапсырмаларына муўапық, бийдай атызларына биринши азықландырыў менен гектарына орташа 200 килограмм есабынан жәми 10600 тонна азотлы минерал төгин жеткерип берилиўи белгиленди.  Ҳәр бир районда егилген бийдай атызларынан келип шығып, минерал төгинлерди жеткерип бериўди шөлкемлестириў ушын 105 отряд дүзилди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған районлар кесиминде график бойынша бийдай атызлары бүгинги күни толық биринши азықландырылып, екинши азықландырыў жумыслары алып барылмақта.

Республикамыз бойынша «Қорақалпоқагрокимёҳимоя» аймақлық акционерлик жәмийетиниң 14 филиалы ҳәм 65 биолаборатория хызмет көрсетип келмекте. 4 сектор басшылары менен биргеликте биолабораторияларды оңлаў, оларды зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары алып барылды. Дәнли егинлердиң зыянкеслерине, кеселликлер менен жабайы шөплерге химиялық  усылда қайта ислеў бериў ушын талап етилетуғын химикатлардың запасы толық таярланды.  Олар керекли техникалар менен тәмийинленип, бул жумысларды белгиленген мүддетинде сапалы өткериў ушын шараятлар жаратылды.

– Илажда аўыл хожалығы егинлериниң зыянкеслерине, кеселликлер менен жабайы шөплерге қарсы гүресиў, минерал төгинлер менен азықландырыў және агрохимиялық хызметлерди шөлкемлестириў бойынша ислеп шығылған «Жол картасы»нан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды,-дейди «Қорақалпоқагрокимёҳимоя» аймақлық акционерлик жәмийетиниң бөлим баслығы Дәўлетбай Каипов.- Видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, быйылғы жылы ғәлле зүрәәтлилигин кеминде 30 процентке арттырыў имканияты бар. Тараў қәнигелери, агроном-энтомологлар ҳәм биолаборатория хызметкерлериниң, фермерлердиң қатнасында бундай семинарларды барлық районларда өткериў режелестирилди.

Семинарда республикалық жумысшы топарлар тәрепинен орынларда анықланған кемшиликлер атап өтилип, оларды сапластырыў илажлары белгиленди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы  З.Зиёдуллаев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.