Телеканалларымызда эфирге узатылып, көпшиликтиң додалаўына себеп болып атырған сериаллар ҳаққындағы жуўапкерлердиң пикир-таласларын бериўде даўам етемиз.
Буннан алдын «ZO’R TV» телеканалы редакциясының «Тамашагөйлер түрк сериалларын талап етпекте» темасындағы пикирлери менен танысқан единиз.
«Сум бала» фильминдеги күйеўине қыянет еткен ҳаял ҳаққындағы көринис ямаса «Келинлер қозғолаңы»ндағы енесине қарсы шыққан Нигараны неге ҳеш ким сынға алмайдыЎ
Лола Шоимова, «Sevimli TV» телеканалы кино редакциясының баслығы:
«Sevimli TV» ҳәм басқа да телеканаллара түрк сериаллары көбейип атырғаны бар гәп. Бирақ бул мәнаўиятымызға қайшы келетуғын сериаллар көбейип кетти, дегени емес-ғой! Түрк кино шеберлери ўақыяларды бираз бөрттирип жиберетуғыны ҳақыйқат, бирақ реал өмирди көрсетеди. Биз сериалларды таңлаўда қайсы мәмлекетте таярланғанына емес, режиссурасына, актерлардың шеберлигине, сценарийдиң пухта исленгенине ҳәм ең тийкарғысы, ўақыяның қаншелли әҳмийетли екенлигине итибар қаратамыз. Телеканалымызда тек ғана Түркия емес, ал Қазақстан, Қырғызстан, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң фильмлери де эфирге бериледи.
Телеканалымызда эфирге берилип атыран «Суйла қораденгиз» фильми ҳәм басқа да түрк сериаллары себеп болып келинлер енелерин хүрмет етпей қойды, ажырасыўлар көбейди, деп айтатуғынлар да ушырасып тур. Неге ҳәмме нәрсениң жаман тәрепин көремиз. «Сум бала» фильминдеги еки ўақыяны еслең. Онда күйеўине қыянет етип, үйине басқа еркекти киргизген ҳаял ҳаққында көринис бар. Екиншиси, урылардың басшысы сум баланы урлыққа ийтермелейди. Неге бул шығарманы, шығарма тийкарында ислеген киноны ҳеш ким сынға алмайды? Неге «Келинлер қозғалаңы»ндағы қайыненесине қарсы шыққан Нигараны ҳеш ким айтпайды? Бул киноларда сол унамсыз қаҳарманлар қатарында болмаўы үгит-нәсият етилип атыр. Инсанға жақсыны жаманнан ажыратыў ушын ақыл берилген. Ең тийкарғысы, тамашагөйлер қолында пульт бар.
Социаллық тармақлардағы пикирлерде анықлық жоқ. Хош, қайсы киноның операторы, режиссурасы, сценарийсы, художниктиң жумысына, актёрлардың шеберлигине наразылық бар? Бизде профессионал таярланған сериаллар жоқ. Телеканал буйыртапасы тийкарында миллий сериал исленип атыр, тайын болса сырт ел сериаллары орнына қойылады.
ӨзАның хабаршысы
Хуршид ҚОДИРОВ
жазып алды
P/S: Бул тема бойынша Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Ташкент қалалық ўәкиллиги, Өзбекстан «Миллий Тикланиш» демократиялық партиясы ҳәм басқа да жуўапкер уйымлардың ўәкиллери де өз мүнәсибетин билдирген. Сайтымызы бақлап барыўда даўам етиң.