Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетинде Қубла Корея университетлери менен биргеликте «Азия қәдриятлардағы жаңа ашылыўлар» деп аталған Өзбекстан-Корея Халықаралық илимий медиа конференция-2019 өз жумысын баслады.

Медиа конференция Азия регионы ҳәм оның ғалаба хабар қуралларының халықаралық коммуникация процесслерине қатнасыўы ҳәм роли, заманагөй ҒХҚның бүгинги күндеги жетискенликлери, машқалалары, раўажланыў тенденцияларын додаланыўға бағышланды.

Конференция шеңберинде: баспа ҒХҚ ҳәм олардың трансформация процесинде дус келип атырған өзгерислери, телерадио журналистикасының Азия мәмлекетлерин бирлестириўдеги орны және роли, мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар тараўын раўажландырыў ҳәм интернет журналистикасы сондай-ақ, заманагөй масс-медиада күтилип атырған өзгерислер ҳаққындағы темалар додаланбақта.

Конференцияда Корея Республикасының Сувон, Хонам, Сунгкьюнкван, Юнгсан, Сонгсил университетлери, Донг-А ғалаба хабар қураллары ҳәм көркем өнери институтының профессорлары және ӨзЖҒКУ профессор оқытыўшылары баянат жасады.

ӨзА