INTERFAX.RU    дың хабар бериўинше, АҚШ сенаторларынан бир топары Россияның терроризмге қәўендерлик етиўине анықлық киргизиў усынысы менен шықты.

Сенаттың сыртқы ислер комитети тәрепинен қарқатылған хабарда сенаторлар «мәмлекет департаменти Россияны «терроризмге қәўендер мәмлекет» деп есаплаў ушын белгили бир нормаларға сәйкес келиўине анықлық киргизиўи керек» деп есаплайды.

Сондай-ақ, олар АҚШ басшылығынан Россия Президенти авктивлери және россиялы оппозиционер Борис Немцовтың өлими жағдайы бойынша баянат таярлаўды сораған.

Сенат ағзалары «ишки ислерине Кремл тәрепинен араласыўдан азап шеккен Европа мәмлекетлерине» жәрдем көрсететуғын арнаўлы қордың жумысын тиклеўди талап етпекте.

Ҳүжжетте мәмлекет департаментиниң санкцияларын енгизиў ҳәрекетлерин муўапықластырыўшы структуралық қурамын күшейтиў зәрүрлиги де айтып өтилген.

Бул усыныслардың бәршеси бес сенатордан қуралған топар тәрепинен Сенатқа усынылған нызам жойбарында өз сәўлелениўин тапқан.

Еслетип өтемиз, бираз бурын АҚШ сенаторлары Россияға қарсы жаңа санкциялар ҳаққындағы нызам жойбарын усынған еди.

ӨзА