Нөкисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Балаларды баслаўыш билимлендириўге мәжбүрий бир жыллық  таярлаўға басқышпа-басқыш өтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына  бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысларын  шөлкемлестириў ҳәм стратегиялық раўажландырыў бас басқармасы баслығының орынбасары С.Обидов, усы бас басқарманың қәнигеси Е.Цай, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы И. Қунназаров шығып сөйлеп, қарар талапларынан келип шығатуғын ўазыйпалар, «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы ҳәм «Өзбекстан Республикасының Дәслепки ҳәм мектепке шекемги  жастағы балалардың раўажланыўына қойылатуғын Мәмлекетлик талаплар»дың тәлим-тәрбия процесинде қолланылыўы, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысы ҳәм оларды ҳүжжетлестириў тәртиби ҳаққындағы мәселелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамызда 374 мәмлекетлик, 2 кәрханаларға қараслы, 6 жеке меншик, 22 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы ҳәм 138 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс алып барылмақта.  Өткен қысқа ўақыт ишинде әмелге асырылған кең көлемли илажлардың нәтийжесинде балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў көрсеткиши 32,2 проценттен бүгинги күни 42,5 процентке көбейди.

Жоқарыдағы қарардың тийкарғы мақсети, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алынбаған балалар ушын мәжбүрий бийпул бир жыллық таярлаў топарларын шөлкемлестириў, солай етип,  саламат, бәркамал, социаллық жақтан бейимлескен шахсты тәрбиялаў болып табылады. Тараўда биринши мәрте енгизилип атырған бул тәжирийбе Ташкент қаласы менен Ферғана ўәлаятының бир қатар районларында, бизиң республикамыздан Төрткүл районында тәжирийбе жойбары сыпатында сынақдан өткерилмекте.

Бул ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен, улыўма билим бериў мектеплеринен, кәсип өнер колледжлери менен академиялық лицейлерден арнаўлы бөлмелер ажыратылады. Топарлардағы оқыў тәрбия процесине заманагөй инновациялық технологиялар енгизилип,  миллий мәдений-тарийхый қәдириятлар сәўлелендирилген,  балалықтан китап оқыўға қызықтыратуғын оқыў-методикалық, дидактикалық материаллар, раўажландырыўшы ойынлар және ойыншықлар, көркем әдебиятлар менен тәмийинленеди. Бул топарларды тамамлаған балаларға мәмлекетлик үлгидеги сертификатлар бериледи.

Қәнигелер тәжирийбе жойбары етип белгиленген Төрткүл районында болып, мәжбүрий бир жыллық таярлаў топарларының жумысы менен жақыннан танысып шықты. Районда бул бағдарда айтарлықтай жумыслардың әмелге асырылғанлығы, соның менен бирге, топар тәрбияшыларының билимин жетилистириў және балаларға билим бериўдиң сапасын еле де арттырыў, «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы тийкарында шынығыўларды ойын тәризинде шөлкемлестириў, буның ушын зәрүр оқыў-методикалық, дидактикалық материаллар, ойыншықлар ҳәм басқа да керекли үскенелер  менен тәмийинлеў, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтыў алыўды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди

-2017-жылдың ноябрь айында балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў 15 процентти қураған болса, бүгинги күнге келип бул көрсеткиш 50 процентке шамаласты,-дейди Төрткүл районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы Раъно Розумбетова.-Райондағы 10 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес бақша менен келисим дүздик, 13 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси иске түсти. Соның менен бирге, 2 жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси лицензия алған болса, үшеўи улыўма халықлық «Наўрыз» байрамы алдында иске түсириледи. Барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы ҳәм «Өзбекстан Республикасының Дәслепки ҳәм мектепке шекемги  жастағы балалардың раўажланыўына қойылатуғын Мәмлекетлик талаплар» жеткерип берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Балаларды баслаўыш билимлендириўге мәжбүрий бир жыллық  таярлаўға басқышпа-басқыш өтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, районымыздағы 24 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 18 улыўма билим бериў мектебинде, 6 кәсип-өнер колледжинде, бир академиялық лицейде 175 топар шөлкемлестирилип, оларға 3737 бала толық қамтып алынды. Топарларға бириктирилген 85 тәжирийбели тәрбияшы тәрепинен балалар мектепке таярланбақта.

Семинарда оқыў-тәрбия процесинде улыўма компетенцияларға итибар қаратыў, топарларда тийкарғы бес бағдар бойынша орайларды шөлкемлестириў ҳәм шынығыўларды дурыс жолға қойыў, балалардың раўажланыў картасын дурыс толтырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ушын, ҳәр бир районнан таяныш мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси таңлап алынып, ҳәр биринде оқыў семинарларын өткериў усыныс етилди. Сондай-ақ, быйылғы жылы шөлкемлестирилиўи режелестирилген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине лицензия алыў ҳәм ҳүжжетлестириў тәртиби бойынша түсиник берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.