Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде уллы ойшыл, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың туўылғанының  536 жыллығына бағышланған әдебий кеше болып өтти.

Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Буннан кейин Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Г.Караманова, филология илимлериниң кандидаты, доцент И.Казаков, филология илимлериниң кандидаты, доцент О.Гайлиева, филология бойынша философия докторы Х.Толыбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жәҳән ҳәм түркий халықлар мәденияты тарийхында Бабур дөретиўшилигиниң тутқан орны, тилдиң раўажланыўындағы  қосқан  үлесине тоқтап өтти. Сондай-ақ, шайыр дөретиўшилигиниң туўысқан халықлар, соның ишинде, түркмен әдебияты менен байланысы, ғәрезсизлик дәўириниң әдебий сынында Бабур дөретиўшилигин үйрениў мәселеси бойынша баҳалы пикирлер билдирилди.

Атап өтилгениндей, өзбек әдебиятының көрнекли ўәкиллеринен бири Бабурдың әдебият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығы балалығынан қәлиплеседи. Дәўжүрек ҳәм мәртлиги ушын ол жаслық дәўиринде-ақ «Бабур» («Жолбарыс») лақабын алады.

Ғәрезсизлик жылларында шайыр дөретиўшилигин үйрениў, естелигин мәңгилестириў бойынша кең көлемдеги жумыслар алып барылды. Оның белгили «Бабурнама» ҳәм басқа да илимий-әдебий шығармалары дүньяның көплеген тиллерине аўдарылды.

-Тарийхый шахс ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың бай әдебий мийрасы түркий халықлардың, соның ишинде, түркмен шайырларының дөретиўшилигине тәсири уллы,-дейди филология илимлериниң кандидаты, доцент О.Гайлиева.-Усы көзқарастан қарағанда, шайырдың бийбаҳа шығармаларын түркмен халқы да айрықша қызығыўшылық пенен үйренип келмекте.

Илажда студент жаслар тәрепинен шайыр қосықларынан атқарылып, оның өмири ҳәм шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринис қойып берилди.

Азизбек ХОШИМОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик

 университети магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги