Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында «Адам саўдасы – дәўир машқаласы» атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды институт оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов басқарып барды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қуўанышбай Юсупов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги майоры Расберген Алламбергеновлар сөзге шығып, адам саўдасы түсиниги, оның түрлери, келип шығыў себеплери ҳәм бул бағдардағы дүнья тәжирийбеси бойынша студентлерге түсиник берди.

Атап өтилгениндей, адам саўдасының жүзеге келиўине көбинесе социаллық, экономикалық машқалалар себепши болып атырғаны менен, буған алып келип атырған және бир баслы себеп – бийпәрўалық ямаса итибарсызлық болып есапланады.

Себеби, кимдур бундай ҳәрекетлерди баслаўдан алдын адамлардың исенимине кирип, оларға нобай дәрамат усыныс етип, сырт еллерге өз есабынан алып барып, сол еллердеги усындай жоллар менен өз жумысларын питкерип отырған адамларға сатып жиберип атырғаны ҳаққында ҳәр күни ғалаба хабар қуралларынан хабарландырыўлар, социаллық роликлер жәрияланып атырғанына қарамастан бундай ҳәрекетлер елеге шекем тоқтағаны жоқ.

Бундай унамсыз ҳәрекетлерден аўлақ болыў мақсетинде профилактикалық илажларды турақлы өткерип турыўға келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.