Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бакалавиатура тәлим бағдарларынан 50 студент Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде өз билим ҳәм көнликпелерин арттырмақта.

– Институтымыз ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети арасында дүзилген келисимге муўапық, институтымыздың барлық факультетлеринен билимли ҳәм келешегинен үмит күттиретуғын студент-жаслар Ташкент қаласына оқыў ҳәм билимлерин беккемлеў ушын жиберилди, – дейди институттың оқыў методикалық басқармасы баслығы П.Қалханов.

2018-2019-оқыў жылының 2-семестрин Ташкент қаласында оқып атырған институт студентлери белгиленген тапсырмаларды өз ўақтында орынлап, тәжирийбели профессор-оқытыўшылар менен өз-ара «устаз-шәкирт» системасы тийкарында биргеликте илимий-педагогикалық излениўлерде жақсы нәтийжелерге ериссе, кейинги оқыў жылындағы оқыўын усы дәргайда даўам еттириўи жобаластырылған.

– Студентлер ушын бундай имканиятлардың жаратылыўы үлкен әҳмийетке ийе, деп ойлайман. Ҳәзирги ўақытта өз бағдарымыз бойынша бул жердеги тәжирийбели профессор-оқытыўшылардан билимлеримизди беккемлеп атырмыз. Бизден талап етилетуғыны тек ғана билим алыў ҳәм ийелеген билимлеримизди беккемлеўден ибарат, – дейди институттың тарийх-география факультети студенти С.Қосимов.

Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети тек ғана Өзбекстанда емес, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында да жетик педагог кадрларды таярлайтуғын, бай тарийхқа ийе, потенциалы жоқары болған оқыў орынларының бири болып табылады. Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты усындай жоқары оқыў орынлары менен профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жасларды өз-ара алмасыў арқалы олардың жумыс тәжирийбелери, билим ҳәм көнликпелерин арттырыў жолында үлгили жумысларды әмелге асырып келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.