Қарақалппақстанда әдебияттаныў ҳәм фольклористика илиминиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына салмақлы үлес қосқан илимпаз филология илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети синген илим ғайраткери, Бердақ атындағы Республикалық сыйлықтың лауреаты, педагог-устаз, жәмийетлик искер   Қ.Мақсетов болды.

Қ.Мақсетов қарақалпақ фольклористика илимин қәлиплестириў, раўажландырыў ушын фольклорлық материалларды халық аўзынан жазып алыў, жыйнаў, оны изертлеўшилердиң қолы жететуғын мүлкине айландырыў ислеринде пидәкерлик пенен хызмет етти. Ол 1953-жылдан баслап өзиниң 50 жыллық саналы өмиринде миллий фольклорлық аўызеки мийрасларымыз арқалы қарақалпақ халқын пүткил дүньяға танытыўда ийгиликли ислерди әмелге асырды. Қарақалпақстанның барлық районларын аралап фольклордың майда жанрларын айтпағанның өзинде, өз қолы менен талантлы халық жыраўларынан 15 тен аслам дәстанларды жазып алды ҳәм оларды китап етип шығарып, изертлеў жумысларын алып барды. Өзи басшылық еткен фольклорлық экспедиция ағзалары менен Қарақалпақсаннан тысқарыда жасаўшы қарақалпақлардан, атап айтқанда, Әндижан, Ферғана, Самарқанд, Бухара ўәлаятларында болып миллий мийрасларымызды жыйнаўда пидайылық көрсетти. Нәтийжеде 1000 нан аслам ертеклер, 5000 нан аслам нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар, 150 ге шамалас дәстанлар жазып алынып, келешек әўладқа мийрас етип қалдырылды. Фольклорымыздың ҳәр қыйлы жанрлары менен қатар, «Қарақалпақ фольклоры» көп томлығының 20 томы басылып шығыўында (1972-1989) илимий басшы, баспаға таярлаўшы, жуўаплы редактор ҳәм редколлегия ағзаларының бири болды. Оның басшылығында ҳәм тиккелей қатнасыўында қәнигелер тәрепинен таярланған 20 томлық ата-бабаларымыздың мыңлаған жыллар даўамында пайда болып, қәлиплесип, раўажланып киятырған халықлық дөрететпелерине шын мәнисинде екинши өмир ҳәм мәңгилик бағышлаған ийгиликли хызметлери менен қунлы.

 

Қ.Мақсетов кең диапазонлы талантлы алым сыпатында бурынғы аўқам көлеминдеги илимий орталыққа жақсы танылған инсан. Оның илимий дөретиўшилигинде фольклористика, әдебияттаныў ҳәм драматургия тараўлары бойынша 300 ден аслам илимий мийнетлер жазылды. Олардың 140 тан асламы ҳәр қыйлы топлам ҳәм журналларда басылды. Оннан аслам ири монографиялары басылып шықты. Илимпаздың ҳәр бир китабында қарақалпақ фольклорының тарийхына ҳәм теориясына тийисли, бурын ҳешким тәрепинен арнаўлы сөз болмаған, тың проблемалық мәселелер анализленип өз шешимин тапқан. Алымның илимий мақалалары Өзбекстаннан тысқары Россия, Чикаго, Татарстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан республикаларындағы журналларда ҳәм топламларда баслылып шықты. Ол дүнья жүзилик конгреслерде, симпозиум ҳәм илимий конференцияларда миллий мийрасларымыз ҳаққында баянатлары менен қатнасты.

Ели-халқы ушын хызмет еткен, усындай пидайы алымның ири көлемли ҳәм мазмунлық жақтан салмақлы мийнетлерин тийкарынан төрт тараўға бөлип баҳалаўымызға болады. Олардан бириншиси, қарақалпақ фольклористикасындағы теориялық мәселелерди сөз ететуғын мийнетлери есапланады. К.Мақсетовтың теориялық бағдардағы идиралды монографиясы «Қарақалпақ қаҳарманлық дәстаны «Қырқ қыз» (Нөкис,1962) есапланады. Бул китап автор тәрепинен 1954-57-жылларда жазылып, «Қырқ қыз» дәстанының пайда болыў дәреклери ҳәм дәўирлери туўралы оғада утымлы концепцияны ислеп шыққан. Яғный дәстанның дәреклери халқымыздың санасында сақланып киятырған «ески дәўир элементлери»ниң нәтийжесинде жүзеге келип, оның пайда болған дәўири ХIII-ХVIII әсирлердеги тарийхый ўақыялар менен байланыслы деген пикир ортаға тасланады. Соңғы жылларда дәстанның изертлениў дәрежесиниң әдеўир кеңейгенине қарамастан усы пикир еле өзиниң күшин жоғалтқан емес. Керисинше, қәнигелер орталығында өзиниң қоллап-қуўатланыў жағдайларын бастан кеширип атыр. Алымның «Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының поэтикасы» (Ташкент,1965) деген китабында қарақалпақ халық дәстанларының идеялық ҳәм көркемлик өзгешеликлери, композициялық қурылысы, қаҳарманлардың образлары тарийхый теориялық бағдарда үйренилген. «Алпамыс», «Қоблан», «Қырқ қыз», «Қурбанбек», «Ерзийўар», «Жазкелен», «Мәспатша», «Гөруғлы» сыяқлы бир қатар қаҳарманлық дәстанлардың ҳәр қайсысын өз алдына сөз етип олардың өз-ара ишки сюжетлик қурылыслары, өз-ара тәсир мәселелери биринши мәрте қолға алынғанлығы ҳәм утымлы илимий нәтийжелер менен шешим тапқанлығын атап өтиўимиз тийис. Тийкарынан қарақалпақ фольклористикасында теориялық изертлеў жумыслары Қ.Мақсетовтың «Қарақалпақ фольклорының эстетикасы» (Нөкис, 1971) деген мийнети менен қәлиплести ҳәм өз раўажланыў бағдарын тапты. Ал, илимпаздың «Қарақалпақ фольклористикасы» (Нөкис,1989) монографиясында қарақалпақ аўызеки дөретпелериниң ең әййемги дәўирден баслап пайда болыў, жыйналыў ҳәм жәрияланыў жолларын белгилеўге айрықша дыққат бөлинген, көп ғана эпикалық мағлыўматлар халқымыздың тарийхы менен байланыста изертленилген. 1977-жылы Ташкентте «ФАН» баспасынан рус тилинде шығарылған «Қарақалпақ фольклоры тарийхының очерклери» деп аталған коллективлик китапта бир қатар қәниге алымлардың қарақалпақ фольклорының дерлик барлық жанрлары бойынша теориялық излениўлери орын алған. Усы китапта Қ.Мақсетовтың үлесине тийген «Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары», «Лиро-эпикалық дәстанлар», «Социал-турмыслық дәстанлар», «Тарийхый дәстанлар», «Ҳәзирги дәўир қарақалпақ фольклоры» деген бөлимлер эпикалық мағлыўматларды салыстырмалы аналитикалық усылда изертлеўдиң дәслепки тәжирийбелери болыўы менен бирге миллий фольклорымыздың әҳмийетли мәселелерине теориялық қатнас дараланып турады. Бунда дәстанлар тематикалық басқыштан ҳәр қайсысы өз алдына дара ҳалында үйренилген. Бул миллий фольклорымыздағы дәслепки басламалардың бири сыпатында буннан былайғы раўажланыўына күшли тәсир жасады.

Екиншиси: Қарақалпақ халық дәстанларын атқарыўшы жыраў-бақсылардың өмир жолларын, атқарыўшылық ҳәм дөретиўшилик шеберликлерин, устаз-шәкиртлик дәстүрлерин, репертуарларын сөз ететуғын мийнетлери.

Қарақалпақ фольклорының әўладтан әўладқа өтип, мийрас мүлк сыпатында сақланып келиўинде оларды атқарыўшылардың роли айрықша екенлиги белгили. Қ.Мақсетов мәселениң усы тәрепин қатаң есапқа алып, бир қанша илимий мақалаларында, баянатларында қарақалпақ фольклорының раўажланыўындағы жыраў-бақсылардың орнын белгилеп берди. Усы бағдардағы машқалаларға бағышланған китаплары жарық  көрди.

Ол өзиниң 1976-жылы Ташкентте «ФАН» баспасында рус тилинде жәрияланған «Қарақалпақ эпосы» атлы китабында қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының көркемлик өзгешеликлерине тоқтап, көркемлик жыраўлардың атқарыў қәбилетлери менен беккем байланыста болатуғынлығын дәлиллеп, буны белгили халық жыраўы Қурбанбай Тәжибаевтың жәрияланған ҳәм жәрияланбаған дәстанлары тийкарында көрсетип берди. Жыраўдың репертуарынан кең орын алған дәстанлардын мысалында кең көлемли илимий-әмелий изертлеўлер жүргизилген. Қурбанбай жыраўдың дәстанды атқарыўдағы индивидиуаллық өзгешеликлери, импровизациялық уқыплылықлары сыяқлы мәселелер илимий тастыйығын табады. Алымның «Қарақалпақ жыраў бақсылары» (Нөкис,1983) деген китабында ири баслы қарақалпақ жыраўлары ҳәм бақсыларының атқарыўшылық хызметлери менен дөретиўшилик қәбилетлерин оқыўшыларға кеңирек таныстырыў нәзерде тутылған. Оған Соппаслы Сыпыра жыраў, Нурабылла жыраў, Қурбанбай жыраў, Бухарадағы қарақалпақ жыраўлары (Шанкөт жыраў, Бегмурат жыраў) Есемурат жыраў, Қыяс жыраў, Қуламет жыраў ҳәм Жапақ бақсы, Ещан бақсы, Қаражан бақсы, Әмет бақсы, Генжебай бақсы сыяқлы халық шеберлериниң өмири, ели-халқы алдындағы хызметлери ҳаққында бақлаўлары менен болжаўлары ҳәм пикирлери енгизилген.

Қ.Мақсетов «Дәстанлар, жыраўлар, бақсылар» деген китабында (Нөкис,1992)  «Қоблан», «Шарьяр», «Мәспатша», «Алпамыс», «Юсуп-Ахмет», «Едиге», «Гөруғлы» сыяқлы дәстанларды анализлеў менен бирликте олардың атқарыўшыларына айрықша тоқтайды. Сондай-ақ, Бердақ шайырдың бақсышылық өнерине байланыслы мағлыўматлар келтирилип, шайырдың бақсышылық хызметлери туўралы алдыңғы айтылып киятырған пикирлерге анализлер исленип, исенимли мағлыўматлар тийкарында «ХIХ әсирдеги қарақалпақ дәстаншылығының раўажланыўына үлкен үлес қосқан халықтың атақлы бақсысы болған» деген жуўмаққа келеди.

Усы китапта «Бердақтың қызы Ҳүрлиман бақсы ҳаққында»ғы ой- пикирлери Хүрлиманның бақсышылық өнерине ерисиў жолларындағы бастан өткерген қыйыншылықларын, оның репертуарына енген қосықлары, атқарыў шеберликлерин әмелий ҳәм теориялық мысалларға сүйенип дәлийллеп береди. Китапта Қоңырат бақсыларынан Орынбай бақсы, Жаңабай бақсы туўралы да олардың өмир жолларына, атқарыўшылық өзгешеликлерине, репертуарларына кең орын ажыратылған.

Илимпаздың қарақалпақ жыраў бақсылары ҳаққындағы ой-пикирлери, бақлаўлары қарақалпақ фольклористикасындағы дәслепки тәжирийбелердиң бири. Ол бул мәселени биринши мәрте шет елге алып шыққан алым. Ол 1973-жылы Чикагода өткерилген антрополог ҳәм этнографлардың халық аралық конгресинде «Ҳәзирги дәўир халық жыраўлары ҳәм олардың дәстүрий эпослардың өмиршеңлигиндеги роли» деген темадағы баянаты менен қатнасты. Сол жылы бул илимий баянаттың инглис тилиндеги аўдармасы Москвада басылып шықты.

Үшиншиси: Профессор Қ.Мақсетовтың илимий мийнетлериниң салмақлы тараўларының бири Қарақалпақ мәдений орталығының ҳәм әдебиятының, фольклорының басқа да қоңсылас халықлар менен өз-ара тәсирлерин, олардың бир-бири менен байланысыў жолларын үйрениўден ибарат. Оның бул илимий жөнелис бойынша бир қанша мақалалары, баянат материалары, тезислери жәрияланды ҳәм 1987-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Қарақалпақ әдебиятының туўысқан халықлар әдебиятлары менен байланысы» деген китабы жарық көрди. Онда Қарақалпақ әдебияты рус, өзбек, қазақ, тәжик, башқурт, татар, түркмен, дағыстан халықлары әдебиятлары менен салыстырылып үйренилип, өз-ара әдебий байланыслардың узақ дәўирлерден даўам етип киятырғанлығы дәлилленип, ҳәр бир миллий әдебияттың өзине тән өзгешеликлери ашып бериледи. Китапта А.С.Пушкинниң шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарыўдағы  кемшиликлер ҳәм жетискенликлер көрсетилип өтиледи. Әсиресе, «Салтан патша ҳаққында ертек»тиң мазмуны қарақалпақ дәстанларындағы ҳәм ертеклериндеги өз-ара сабақлас сюжетлик мотивлерге бай екенлигине дыққат аўдарылған. Алымның тастыйықлаўынша бул ертектиң тийкарғы ўақыялары Шығыс халықлары фольклорының тәсиринде пайда болған ҳәм оған руслардың руўхый түсиниклери шебер сиңдирилген.

Китапта Әлийшер Наўайының қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына тәсири, Ҳамза шығармаларының қарақалпақ тилине аўдармалары, қарақалпақ, қазақ, қарақалпақ-башқурт, қарақалпақ-тәжик, қарақалпақ-түркмен әдебиятының ҳәм фольклорлық дөретпелериндеги тарийхый-мәдений байланысларға байланыслы дәрекли мағлыўматлар пухта пайдаланылған ҳәм тийисли жуўмақлар  исленген.

Төртиншиси: Алымның жоқары оқыў орынлары, колледж, лицейлердиң студентлери ушын таярлаған сабақлықлары менен оқыў бағдарламалары, методикалық китаплары әмелий характерге ийе болып, ҳәзирги жасларымызды ғәрезсизлик руўхында тәрбиялаўға, миллий қәдириятларымызды тереңнен үйрениўге ҳәм қәдирлей билиўге бағдарланған. Мысалы, Қ.Мақсатов Ә.Тәжимуратов пенен биргеликте университеттиң филология фактультетлери ушын жазған «Қарақалпақ фольклоры» (Нөкис, 1979) сабақлығында қарақалпақ фольклорының барлық жанрлары бойынша мағлыўматларды берип, олардың орны, атқаратуғын хызметлери, тәрбиялық ҳәм эстетикалық характердеги әҳмийетлери белгиленип өтиледи. Бул сабақлық қарақалпақ фольклорынан студентлерге тийисли мағлыўматлар бериўге мөлшерленген биринши тәжирийбе еди. Соңынан бул сабақлық автор тәрепинен қайта исленип, толықтырылып  21 баспа табақ көлеминде «Қарақалпақ халқының көркем аўызеки дөретпелери» (Нөкис, 1996) деген ат пенен басылып шықты. Буннан тысқары Қ.Мақсетовтың академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер коллежлери ушын «Қарақалпақ халқының көркем аўызеки дөретпелери» (Нөкис,2002) (Р.Мақсетова менен биргеликте) атлы сабақлықты жазыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Илимпаздың әмелий бағдардағы мийнетлериниң бир тармағы қарақалпақ халық дөретпелерин жыйнаў, жәриялаў, баспаға таярлаў жумыслары менен ушласып кетеди. Мысалы, шәкирти К.Палымбетов пенен бирге таярлаған «Қарақалпақ жаңылтпашлары» (Нөкис, «Билим»1993), «Қарақалпақ дәстүр қосықлары» (Нөкис, «Билим»1997) китаплары текстлик характерде дүзилген ҳәм бурын өз алдына баспада жәрияланбаған мағлыўматлардан ибарат. Усындай қунлы жумыслардың биразы Қ.Мақсетовтың басшылығында баспаға таярланып, бирақ жәрияланбай қалғанлығын да атап өтиўимиз керек. Солардан «Қарақалпақ муҳаббат қосықлары» Теңел бақсының «Саятхан-Ҳәмре» дәстаны, «Жуўап айтыслар»дың үлгилери, халық прозасының бири «Мифлер» еле баспада жәрияланыўын күтип турған мийраслардың бири.

Қ.Мақсетов өзиниң илимий мақалаларында тек фольклорлық дөретпелерди анализлеў менен шекленип қалмай  ҳәр қыйлы бағдардағы илимий машқалаларды шеше алатуғын қәниге сыпатында өзин көрсете билген күтә аз сандағы алымларымыздың бири. Оның мақалаларының тематикалық рәң-бәреңлиги кең қулаш жайып кеткен байтерекке усайды. Мәселен, ол илимий-изертлеў жолын баспадан шыққан китапларға рецензиялар жазыў менен баслап, кейин тамырды тереңге уратуғын әдебият ҳәм фольклор тарийхы менен байланыслы мәселелелерди сөз ететуғын жеке илимий излениўлер менен айланысқан. Оның дәстанлық сюжетлерди драмалық дөретпелерге айландырыў басқышларындағы пикирлери, олардың сахналық көринислериндеги өзгешеликлери, гейпара сәтли-сәтсиз сахналастырылған дәстанлардың миллий турмыслық орталыққа қатнас дәрежелери  бойынша мәсләҳәтлери өз күшин жоғалтпайтуғын шешимлерге ийе.

Илимпаз ХХ әсир қарақалпақ әдебиятында қунлы шығармалары менен танылған көркем сөз шеберлери А.Дабылов, С.Нурымбетов, И.Юсупов, Т.Жумамуратов, Ж.Аймурзаевлардың дөретиўшилик шеберликлери, шығармаларындағы фольклоризмге тән өзгешеликлерди анықлаўда ҳәм миллий әдебиятымызды раўажландырыўдағы орнын белгилеўде билдирген илимий жуўмақлары менен дараланып турады.

Қ.Мақсетовтың ХVIII-ХIХ әсирлердеги миллий классикалық әдебият  шығармаларын үйрениўге қаратылған бир дүркин мақалаларының мазмунлары жазба әдебият пенен фольклорлық дөретпелердиң өз-ара байланысларын, поэзиялық шығармаларды байытыўдағы фольклорлық дөретиўшилик усылларынан пайдаланыў жағдайларын ҳәм өз-ара тәсир мәселелерин ортаға қояды. Оның пикиринше, әдебияттың қайсы жанры болса да фольклорды атлап өтип кете алмайды. Әсиресе, поэзия тараўында халқымызға бурыннан үрдис болып киятырған дөретиўшилик дәстүрлердиң тәсириниң күшли екенлигин тасқыйықлаўшы әмелий ҳәм илимий факторлар алымның мақалаларының турақлы өлшемлерине айланған.

Орта Азияда орта әсир мәдениятын раўажландырыўға үлес қосқан Абу Райхан Беруний,  Маҳмуд Қашғарий, Хожа Ахмет Яссаўий, Сулайман Бақырғаний, Юсуф Хас Ҳажиб, Рабғузий сыяқлы алымлар, Қорқыт ата, Соппаслы Сыпыра жыраў сыяқлы ата-бабаларымыздың жүреклериниң төринде сақланып қалған баба жыраўларымыз ҳаққындағы пикирлерин жәмлестиретуғын илимий мақалалары өз алдына бир төбе болып, олардың қарақалпақ фольклорының тарийхын үйрениўдеги әҳмийетине елеўли итибар бериледи.

Әййемги дүнья мәденияты, «Массагетлер эпосы» деп ат алған «Тумарис», «Шырақ» сыяқлы эпик дөретпелер ерте орта әсирлердеги хун қәўимлериниң «Үлкен Эдда» эпосы, түрклердиң «Ески түрк жазыўлары» ҳ.т.б. мәдений естеликлер туўралы болжаўлары, бақлаўлары оның бир қатар мақалаларының өзегин қурайды. Буларда қарақалпақлардың этногенезине тийисли мәселелер қозғалып мифологиялық, аңызлық, ертеклик мотивлердиң сәўлеленгенлигин мысаллар менен көрсетеди ҳәм ата-бабаларымыздың тийкарын қураған этник қатламлардың қәлиплескен дәўирлерин белгилеўши дәреклер жүзеге шығатуғынын белгилеп береди.

Улыўма, Қ.Мақсетовтың илимий мақалалары монографиялары, китаплары ҳәзирги дәўирден баслап әййемги дәўирлерге шекемги аралықтағы дыққатқа ылайық болған мағлыўматлардың көпшилигин өз ишине қамтыйды ҳәм миллий фольклористикамыздың илимий әҳмийетин сәўлелендирип беретуғын фактлерге бай болып, оның раўажланыў басқышларының избе-излигинде тәмийинлейди.

Қ.Мақсетов илимди жетелистириўши, раўажландырыўшы ҳәм байытыўшы алым болыў менен бир қатарда илимий-әмелий жумысларды шөлкемлестириўши устаз, жетекши қәниге илимпаз болды.  Қарақалпақстанда илимий дәрежели  кадрлар таярлаўға белсене араласты. Оның тиккелей басшылығында 20 ға шамалас илим кандидатлары ҳәм докторлары таярланды. Усындай пидәкерлик мийнетлери менен қарақалпақ фольклортаныўшыларының тутас мектеби пайда болды.

Ол жергиликли қәнигелер таярлаў менен шекленип қалмай, қоңсылас миллет ўәкиллериниң гейпара фольклорлық машқалаларын үйрениўге бағышланған илимий изертлеўлердиң де басы-қасында турып өз мәсләҳатлерин бериўге ўақыт тапты.   Оның илим кандидаты, илим докторы дәрежелерин алыў ушын  таярланған изертлеўлерге ғамхоршылық (рәсмий оппонент) етиў жумысларының да  географиялық шеңбери кең. Нөкис, Ташкент, Алма ата, Ашхабад, Бишкек қалаларындағы илимий-изертлеў орынларының арнаўлы Илимий Кеңеслеринде оннан аслам докторлық, жигирмаға шамалас кандидатлық диссертациялар жақланды. Ол Орта Азиялы тюрколог алымлар менен бирге қәнигелер таярлаўда ҳәм илимий мәселелер бойынша айырым машқалаларды шешиўде өз-ара тығыз байланыста жумыс иследи. Булардың барлығы алымның устазлық жолының қарақалпақ миллий фольклорын нығайтыўда, раўажландырыўда, абыройын көтериўде Орта Азия халықлары орталығындағы  илимий-мәдений қатнасларды беккемлеўге қаратылған бийбаҳа табысларының нәтийжелери болып табылады. Сондай-ақ, Қ.Мақсетов бир неше жыллар даўамында Ташкент ҳәм Алмата қалаларындағы Илимий Академиялардың филология тараўы бойынша арнаўлы Илимий Кеңесиниң турақлы ағзасы сыпатында да хызмет етти.

Қ.Мақсетов илимий-изертлеў жумыслары менен бир қатарда көп жыллар даўамында педагогикалық оқытыўшылық жумысында қосып алып барды. Ол Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлерге «Фольклор тарийхы», «Қарақалпақ әдебияты» пәнлеринен сабақ берди. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетиниң профессоры сыпатында Қарақалпақ фольклоры лабораториясын басқарыў менен бир қатарда студентлерге фольклор пәни бойынша лекциялар оқып, жетик қәнигелер таярлаўда айрықша көзге түсти. Соның менен қатар университетке ҳәм академиялық лицейлерге қарақалпақ фольклоры пәниниң оқыў бағдарламаларын дүзди ҳәм сабақлықларын жазды.

Халқымыздың сүйикли, ҳадал перзенти, үлкен алым, жаслардың тәрбияшысы, пидайы устаз, шаршамайтуғын жәмийетлик искер, шебер шөлкемлестиириўши басшы, қарақалпақ халық миллий фольклорын, улыўма қарақалпақ әдебиятын изертлеўши илимпаз Қабыл Мақсетовтың исми, оның  өмир жолы келешек әўладқа үлги ҳәм ибрат мектеби болып қалады.

 

 

Камалбай ПАЛЫМБЕТОВ,

филология илимлериниң кандидаты, доцент

Қарақалпақстан хабар агентлиги