Жақында пайтахтымыздағы Нөкис темир жол ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Жасларда исбилерменлик ҳәм интернет тармақларынан пайдаланыў мәденияты» атамасында оқыўшы-жаслар менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Оған партия хызметкерлери, тийисли тараў ўәкиллери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда тийкарынан жасларда исбилерменлик көнликпелерин арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, исбилерменликке кеңнен тартыў, интернет тармақлары раўажланған бир ўаққытта олардан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы мәселелерде өз-ара пикир алысты.

Сондай-ақ, жасларға интрнеттиң инсан ушын унамлы ҳәм унамсыз тәреплери ҳаққында слайд ҳәм презентациялар жәрдеминде көрсетип берди. Олардың пикир-усыныслары тыңланды.

-Бүгинги күнде исбилерменлик тараўына үлкен итибар қаратылмақта, – дейди «Нукус евро-строй» ЖШЖ баслығы А.Шимбергенов. Бурынлары исбилерменликти баслаўда көплеген иркинишлер, тосқынлықлар ушырасып, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша түрли машқалаларға ушырасатуғын еди. Енди болса исбилерменлик субъекти ўәкиллери ушын қолай исбилерменлик орталық жаратылды.

Шынында да,  бүгинги күнде ҳеш кимге сыр емес интренет тармағы тез ҳәм оператив түрде раўажланып бармақта. Айырым жасларымыз бос ўақытларын да көбирек сациаллық тармақларда бәнт болмақта. Илаж даўамында жасларды китап оқыўға, спорт пенен шуғылланыўға, интернет тармағынан керекли мағлыўматларды алыўға тартыў мәселелерине кең түрде тоқтап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары тараўы бойынша исбилермен Азат Шимбергеновтың исбилерменлик жумысын қалай жолға қойғаны, жетискенликлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы