Мойнақ районында Аралбойы аймақларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар даўам етпекте.

Райондағы оператив штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, Аралбойы аймақларында таярланған туқымларды қалталаў ҳәм участкаларға жеткериў, егиў жумысларына тартылған  техникалар жәрдеминде сексеўил туқымын егиў ушын қарықлар жарыў, арнаўлы техникалардың жәрдеминде сексеўил егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

11-февраль күнги өткерилген илажларға жәми 1252 адам, соннан 200 адам таярланған туқымларды қалталарға жайластырыў жумысларына, 987 адам егислик орынларды таярлаў ҳәм егиўге қатнаспақта. Соның 533и елимиз ўәлаятларынан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын отын таярлаў жумысларын даўам етпекте. Бул жумысларға, жәми 547 техника тартылған.

Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын, жәми 799630 гектар жер майданы таярланды. Соның 290240 гектарына 1 миллион 45 мың 690 килограмм сексеўил туқымы егилди.

Ҳәзирги күнге шекем 1057000, соннан жергиликли халық тәрепинен жәми 261000 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Олардың мийнет ҳақылары өз ўақтында берилмекте. (4 миллиард 128 миллион сум төленген).

Еслетип өтемиз, бул жумысларға ўәлаятлардан жәрдемге келген жумысшылардың да қосып атырған үлеси үлкен. Атап айтқанда, усы күнге шекем Наўайы ўәлаяты 103100, Бухара ўәлаяты 196700, республикамыздың басқа районлары 173100, Қашқадәрья ўәлаяты 35900 килограмм сексеўил туқымын таярлаған.

Қ.Х.А.