Ҳүкимет қарары менен 2019-жылы нызам жойбарларын ислеп  шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизиў бағдарламасы тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме»  каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, Әдиллик министрлигине Бағдарламаның орынланыўын мониторинг етип барыў ўазыйпасы жүкленди.

Бағдарламаға бола, 2019-жылы жәми 38 нызам жойбарының ислеп шығылыўы белгиленген болып, соннан 15и әмелдеги нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў менен байланыслы.

Соның ишинде, бағдарламаға муўапық 2019-жылы «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында», «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында», «Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққында»ғы нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм Ҳүкиметке киргизиў нәзерде тутылған.

 

ӨзА