Өзбекстан ҳүкиметиниң айрым қарарларына қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бул қосымшаларға муўапық, қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў юридикалық шахс шөлкемлестирместен шуғылланыў мүмкин болған хызмет түрлерине киргизилди.

Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықына лицензиялар Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен бериледи.

Бул қосымшалар 2019-жыл 1-марттан баслап күшке киреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги