12-февраль күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, қарақалпақ сүўретлеў өнери тарийхында биринши профессионал художник Қыдырбай Саиповтың 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен художниктиң дөретиўшилиги ҳәм өмир жолына бағышланған көргизбе ашылды.

Көргизбеге художниктиң музей фондында сақланып атырған 50 ге шамалас театр эскизлери, жеке картиналары ҳәм художниктиң өмириндеги әжайып ўақыяларға бай дәўирди сәўлелендирген архив сүўретлери қойылды.

Көргизбеге белгили художниклер, Қ.Саиповтың заманласлары, өмирлик жолдасы, туўған-туўысқанлары ҳәм шәкиртлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

– Бүгинги көргизбеде көркем өнер ықласбентлери сүўретлеў өнери тарийхында өзиниң қысқа өмири даўамында өшпес из қалдырыўға ерискен көркем өнер ғайраткери Қ.Саиповтың мийнетлери менен танысыў имканиятына ийе болмақта, – дейди Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова. – Қыдырбай Саипов ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында художник сыпатында жумыс баслаған болса, ол өзиниң 15 жыллық өмирин театрға бағышлады ҳәм усы дәўир ишинде 50 ден аслам спектакльлерди безеп, сахналастырды.

Художник театрдағы жумысы менен бирге жеке дөретиўшиликти де тең алып барып, портрет ҳәм пейзаж жанрларында картиналар дөретти. Атап айтқанда, «Кеш. Жарқын гүз», «Күн батыўы», «Автопортрет», «Қыз портрети», «Б.Матчанов портрети» ҳәм басқа да картиналарында биз художниктиң қаншелли дәрежеде бай талант ийеси болғанлығын көриўимизге болады.

Жыйналғанлар көргизбени тамашалап кеўилли дем алды.

Көргизбе бир ай даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы