Елимизге импорт товарларының кирип келиўи бойынша анық ҳәм нәтийжели тәртиплер енгизилген болып, онда бәринен бурын пуқараларымыздың саламатлығы, сондай-ақ, ишки ислеп шығарыўшылардың мәплери де инабатқа алынған. Бирақ, соған қарамастан, әмелдеги тәртиплерге бойсынбай, базарларымызды сапасыз өнимлер менен толтырыўға ҳәрекет етип атырған «исбилерменлер» де жоқ емес.

Усындай жағдайлар елимиздиң шегара бажыхана постларында көплеп ушыраспақта.

– Жақында, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен парфюмериялық ҳәм дәри-дәрмақ өнимлериниң нызамсыз алып кирилиўине байланыслы бир неше ҳуқықбузыўшылық ҳәрекетлер анықланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының аға инспекторы, бажыхана хызмети капитаны Ж.Сапарбаев. – Атап айтқанда, усы пост арқалы кирип келген пуқара Х.М.ның қол жүклери қалыслар қатнасында бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген 11 миллион 270 мың сумлық парфюмериялық өнимлерди ҳәм дәри-дәрмақларды нызамсыз түрде республикамызға алып кирмекши болғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, пуқара Р.М.ның да қол жүклери бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, ҳеш қандай ҳүжжетлери болмаған 8 миллион сумлық парфюмериялық өнимлерди алып кирмекши болғанлығы, және бир пуқара Р.Н.ның қол жүклери арасына жасырылған, аўыз-еки сораўда усынылмаған баҳасы 6 миллион сумға шамалас болған парфюмериялық ҳәм дәри-дәрмақлық өнимлерди жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетпестен алып кириўге болған урыныўлары анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған фактлер бойынша тексериў ҳәм үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.