Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 578 жыл, сондай-ақ, Бабурийлер династиясының тийкарын салыўшы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 536 жыл толыўы мүнәсибети менен «Мәңгилик тулғалар» атамасындағы илимий-әмелий конференция ҳәм көркем-әдебий кеше болып өтти.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
«Әлийшер Наўайы халқымыздың санасы ҳәм ой-пикири, көркемлик мәденияты тарийхында пүткил бир дәўирди қурайтуғын уллы шахс, миллий әдебиятымыздың теңсиз тулғасы, миллетимиздиң мақтанышы, даңқ-абыройымызды дүньяға жайған өлмес сөз дөретиўшиси. Егер бул уллы инсанды әўлийе десек, ол әўлийелердиң әўлийеси, ойшыл десек, ойшыллардың ойшылы, шайыр десек, шайырлардың султаны», – деп тәрийплеген еди Биринши Президентимиз Ислам Кәримов.
Шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳәм оның дөретиўшилиги Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен былай тәрийпленген еди:
«Бабур мырза халқымыздың уллы перзенти. Әдебият, илим, ағартыўшылық көз қарасынан ол еле жасамақта. Өзлигимизди аңлап, уллы тарийхымызды жасларға түсиндирсек, илимди ҳәм ағартыўшылықты раўажландырсақ, ҳеш қашан кем болмаймыз».
Конференция күн тәртибине муўапық, институттың өзбек тили кафедрасы доценти, филология илимлериниң кандидаты Г.Қурбаниязов «Бабур – ана тилиниң жоқары билимданы», қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти, филология илимлериниң кандидаты М.Бекбергенова «Әлийшер Наўайы ҳәм қарақалпақ әдебияты. Типология мәселелери», өзбек әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты К.Ташанов «Наўайы ҳәм Бабур дөретиўшилигинде тасаўўыф», өзбек әдебияты кафедрасы оқытыўшысы Н.Алламбергенова «Алпамыс» ҳәм «Фарҳад ҳәм Шийрин» дәстанларының салыстырмалы анализи» атамаларындағы баянатларын оқып берди.
Илажға белгили Наўайытаныўшы, шайыр Әбилқасым Өтепбергенов та қатнасып, Әлийшер Наўайының «Ҳамса» шығармасы ҳәм оның әдебият тарийхындағы әҳмийетине кең тоқталды.
Илаж институттың филология факультети студентлериниң атқарыўындағы Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур дөретиўшилигине арналған көркем-әдебий кеше менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.