Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мийнет инспекциясы тәрепинен Kun.uz сайтында жәрияланған «Муғаллимлердиң мийнет ҳақысынан 500 мың сумнан усланып қалынбақта» атамасындағы мақала бойынша Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлиминде үйрениўлер өткерилди.

Мәлим болыўынша, райондағы 82 улыўма билим бериў мектебинде ислейтуғын 5154 педагог хызметкердиң 3115 инен электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм басқа коммуналлық төлемлер ушын нызамсыз түрде разылығы алынбастан, мийнет ҳақысынан услап қалынған.

Бул жағдай бойынша айыплы болған Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлими баслығының орынбасары Р.Матқурбанов ҳәм Халық билимлендириў басқармасы орайластырылған қаржы бухгалтериялық хызмети бас есапшысы М.Қаландаров Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы 1-бөлими менен ең кем мийнет ҳақының бес есеси (1 013 650 сум) муғдарында жәриймаға тартылды.

Сондай-ақ, инспекция тәрепинен бул нызам бузыўшылық жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине 2019-жыл 8-февраль күни нызам бузыўшылықты сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда жол қоймаў бойынша белгиленген тәртипте усыныс киргизилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги