Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасында 2019-жылы Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға бағдарланған қосымша илажлар бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўға Қарақалпақстан халық муғаллими А.Пазылов, жазыўшы Ә.Қайыпов ҳәм институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студент-жаслары қатнасты.

– Факультетимизде усы ҳәпте «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп жәрияланып, студентлер арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр қыйлы илажлар, ушырасыўлар өткерилип келинбекте, – дейди мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы Улбосын Сейтжанова.

Ушырасыўда жазыўшы Муратбай Нызановтың «Таңламалы шығармаларының VIII томы» китабының презентациясы өткерилди.

Илажда студентлер жазыўшының «Ақырет уйқысы», «Жат журттағы жети күн», «Еки қанхор», «Ҳаўа кемесиндеги екеў», «Ақшагүл» сыяқлы шығармалары, сондай-ақ, «Танк», «Уры», «Қоңсылар», «Қайсар» сыяқлы фильмлери бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Ушырасыўда жазыўшы «Таңламалы шығармаларының VIII томы» китабын студентлерге саўға етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.