Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты ҳәм «Билим» баспасы басламасы менен усы жылдың 7-февраль күни институттың филология факультети жайласқан имаратында китаплар көргизбеси ҳәм ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда студентлер өзлерине унаған әдебий, илимий китапларды арзан ҳәм қолайлы баҳаларда сатып алды.

Илажда баспахана тәрепинен шығарылған жаңа китаплар көргизбеси де өткерилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.