Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылған күниниң 578 жыллығына бағышланған «Миллий мақтаныш туйғысы ҳәм Әлийшер Наўайының әдебий мийрасы» темасында әдебий кеше болып өтти.

Илажда университет проректоры Ҳ.Турсынбаев, филология илимлериниң кандидаты, доцент Ҳ.Абдуллаев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы,  Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Аралбаев, филология илимлериниң кандидаты, доцент Ф.Бабажанов,  өзбек филологиясы факультетиниң студенти Д.Юсупова шығып сөйлеп, түркий халықлар әдебиятының раўажланыўында Әлийшер Наўайының әдебий мийрасы, шайыр шығармаларында кәмил инсан  мәселеси, шайырдың қазақ әдебиятының жетилисиўиндеги ҳәм өзбек лингивистикасының тийкарын салыўдағы орнына тоқтап өтти.

Халқымыздың миллий тарийхын ҳәм мәдениятын тиклеўге, уллы ойшылларымыздың, әзийз данышпанларымыздың илимий, диний ҳәм руўхый мийрасын терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылып атырған ҳәзирги ўақытта уллы шайырларымыздың шығармаларына болған қызығыўшылық артып бармақта. Соның ишинде пүткил елимиз бойлап туўылған күниниң 578 жыллығы кең түрде белгиленип атырған Әлийшер Наўайының шығармаларының әҳмийети артып бармақта.

-Ҳақыйқатында да, шайыр бизге өлмес мийрас қалдырып, ана тилимизди әдебий тил дәрежесине көтерди,-дейди өзбек филологиясы факультетиниң студенти Дилрабо Юсупова. -Президентимиздиң атап өткениндей, уллы шайырдың дөретиўшилик мийрасы халқымыздың руўхый дүньясын байытыў,  жас әўладты Ўатанға садықлық ҳәм  миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине кең түрде тоқтап өтилип, оның шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринис усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.