8-февраль күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилетуғын «Technovation Challenge Uzbekstan-2019» атамасындағы қызлар ушын ең ири технологиялық таңлаўдың мазмун-мәнисин, мақсетин, шәртлерин  таныстырыў бойынша семинар өткерилди.

Таңлаў Инновациялық раўажландырыў министрлиги, Балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ассоциациясы, Ташкенттеги Инха университети, Өзбекстан Жаслар аўқамы, АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, онда қызлар еки жас категориясында (10-15,  15-18 жастағы)  5 адамнан ибарат топарларға бирлеседи.

– Бул таңлаў дүньяның 160 мәмлекетинде өткерилетуғын абырайлы халықаралық таңлаў болып есапланады. Таңлаў Өзбекстанда үшинши мәрте өткерилип атыр. Бурын таңлаў тек Ташкент қаласында өткерилетуғын болса, быйылғы өзгешелиги Қарақалпақстан Республикасында ҳәм 5 ўәлаятта өткериледи, – дейди  «Technovation Challenge» координаторы Азада Исмайлова. -Таңлаўдың мақсети –  қызларда исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, бизнес режелер дүзиў, программаластырыў, IT  технологиялары бойынша билимлерин тереңлестириў ҳәм сын пикирлеўин қәлиплестириў сыяқлы билимлерин, көнликпелерин жетилстириўден ибарат. Жойбар даўамында қызлар елимиздеги социаллық әҳмийетке ийе болған машқалаларды шешиўде технологиялар арқалы мобиль қосымшаларды ойлап таўып, оларды ислеп шығарыў арқалы шешиўди үйренеди.

 

Таңлаў 7 басқышта өткерилип,  жуўмақлаўшы басқышы усы жылдың 15-майынан 15-июль күнлери аралығында анықланады.

Жеңимпаз болған 12 команда АҚШтың Калифорния ҳәм Сан-Франциско штатларына жолламаны қолға киргизеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы