Усы жылдың 7-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетинде Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Шамурат Уразов студентлерге сабақ өтти.

– Институтымызда сырт еллердеги, әсиресе, қоңсылас республикалардың жетекши жоқары оқыў орынлары менен кадрлар таярлаў, илимий изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў ҳәм профессор-оқытыўшылар және студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта, – дейди институттың дене мәденияты факультети декан орынбасары Қ.Кенжебаев. – Мине, бүгин қазақстанлы профессор факультетимиз студентлерине өз теориялық ҳәм әмелий билимлерин үйретпекте.

Сабақ даўамында профессор жеңил атлетика ҳәм оның қурамына киретуғын бир неше спорт түрлери бойынша студентлердиң билимлерин беккемледи. Сабақ даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Мағлыўмат ушын, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети – Қазақстандағы ең дәслепки ашылған халықаралық жоқары оқыў орны болып, түркий тиллес мәмлекетлер арасында халықаралық абыройға ийе болған, түркий дүньясы жасларын бирлестирген дәслепки билим ҳәм илим орайы болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.