Нөкисте «Өзбекстан ХДП ең белсенди ҳаял-қызы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

 «Баслама ҳәм идеяларымыз ғәрезсиз Өзбекстанның раўажланыўы ушын!» сүрени астында өткерилген илажға қалалық ҳәм районлық басқышлардың жеңимпазлары қатнасты.

Ашылыў салтанатында Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов, Өзбекстан ХДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы Г.Асатова шығып сөйлеп, елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, олардың қәбилетлери менен имканиятларын жүзеге шығарыўға қаратылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап ҳаял-қызларымыздың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселеси Конституция ҳәм Нызамларымыз арқалы беккемленди. Соның ишинде, олардың сиясий процесслерде белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде Сайлаў ҳаққындағы нызамшылығымызда сиясий партиялардан көрсетилетуғын талабанлардың арасында ҳаял-қызлардың 30 проценттен аз болмаслығы белгилеп қойылды. Бул норма Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамы еллери арасында биринши болып енгизилди.

Ҳаял-қызларымызға жаратылып берилген усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиздиң парламентинде  олардың саны ҳәм үлеси барған сайын артып бармақта. Қарақалпақстан Республикасы бойынша Өзбекстан Халық Демократиялық партиясының 13700 ден зыят ағзасының 40 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Сондай-ақ, республикамыз бойынша  отызға шамалас депутат ҳаял-қыз жергиликли шөлкемлерде түрли лаўазымларда ерлер менен бир сапта жемисли мийнет етип келмекте.

Таңлаў қатнасыўшылары  «Нызамларымыз турмысымыздың тийкары болып табылады», «Сиясий сораў-жуўап» сыяқлы инсанның билим және ағыл-ойын  байытыўға, олардың ҳуқықый саўатын арттырыўға хызмет етиўши шәртлер менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турмыс хызметин көрсетиў ҳәм өндиристи раўажландырыўға бағдарланған түрли жойбарлар менен таныстырды. Олар тәрепинен усынылған жойбарлар биринши гезекте өндиристи ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўға, солай етип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа идеяларды өзинде жәмлегени менен де әҳмийетли болды.

Илаж жуўмағында Нөкис қаласындағы 2-санлы медицина колледжиниң оқытыўшысы  Улмекен Қаңлыбекова биринши орынды ийелеп, Ташкент қаласында болып өтетуғын келеси басқышқа жоллама алды. Шымбай районындағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси Меригүл Есбергенова екинши, Әмиўдәрья  районындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Феруза Искандарова үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм қатнасыўшылар Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.