Усы жыл 7-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Cтатистика басқармасында Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы менен бирликтеги «Тутыныўшының ҳуқықы бәрқулла нызам қорғаўында» атамасындағы қоспа мәжилис болып өтти.

Оған басқарма хызметкерлери ҳәм оның район(қала)лық бөлимлериниң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте, Федерация баслығы А.Урумбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей бул илаж, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Елимизди демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оған тийкарланып берилген тийисли көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Усы тийкарда дүзилген режеге муўапық орынларда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, халықтың машқалаларын системалы түрде үйрениў ҳәм анық шешимин табыўда нәтийжели жәмийетлик қадағалаўдың орнатылыўын тәмийинлеў мақсетинде социаллық шериклик тийкарында Федерацияның Таяныш топарлары (басланғыш шөлкемлери) шөлкемлестирилмекте.

Таяныш топарларын дүзиўден тийкарғы мақсет – жәмийетлик тийкарда кәрхана ҳәм шөлкемлерде Федерацияның өз ўәкиллери болыўын тәмийинлеў, ол арқалы орынларда жумыс ислеп атырған пуқаралардың өз орнында шешилиўи мүмкин болған гейпара мүрәжатларының жоқары шөлкемлерге берилиўиниң алдын алып, тез ҳәм өз орнында шешилиўин тәмийинлеў, шөлкем басшылары менен бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Қатнасыўшыларға темаға байланыслы видеоролик қойып берилди.

Мәжилисте, Таяныш топар ҳәм оның тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилди. Басқармада дүзилетуғын Таяныш топар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли шешим қабыл етилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы күни усындай мазмундағы қоспа мәжилис «Халық банки» Қарақалпақстан Республикалық филиалында да болып өтти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.