Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик  сыйлықтың лауреаты Тилеўберген Жумамуратовтың өмири ҳәм дөретиушилигине бағышланған «Арал мақтанышым ҳәм аянышым» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы,  Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, университеттиң шет тиллер факультетиниң деканы Ж.Қурбанбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр шығармаларының әҳмийетине кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, шайырдың ҳәр бир шығармасы өзиниң терең мазмуны ҳәм көркемлик бояўлары менен басқалардан ажыралып турады. Сонлықтанда оның шығармалары халқымыз арасында кең тарқалған болып, оны  айрықша қызығыўшылық ҳәм сүйиспеншилик пенен оқыйды. Жаслайынан өзи сыяқлы Арал теңизи жағалаўларында туўылып, өмир сүрген  халқымыздың уллы шайырлары Бердақ, Күнхожа, Әжинияз ҳәм Аяпбергенниң ҳасыл сөз маржанларын көкиреги тоқып, солардың дөретиўшилигинен көп нәрселерди үйренеди.  Сонлықтанда, туўылған жер сағынышы, Арал теңизиниң тәғдири, балықшылардың турмысы оның шығармаларының негизин қурайды. Олардан «Толқында», «Мойнақта» «Теңиз жағасында» «Балықшылар қосығы» «Балықшыға», «Елге қуўат, бақ дәрья», «Ҳағлайбергей Жәйҳуным!», «Әмиўдәрья», «Теңиз бенен көп ойнамаң», «Аралым», «Толқыныңды және туўлат, сарқыма!» , «Ўатан усы болса, қайда көшемиз?», «Ескен самал еле кетер басылып…» ҳәм басқа да қосықларын атап өтиўимизге болады. Соның ишинде «Аралым» қосығында:

Еле ақланған жоқ татқан дузларым,

Гүллердей хоширей жигит-қызларың,

Айна көллер, қуўың, өрдек, қазларың,

Мениң жүрегимде жатыр, Аралым,-деп жазады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Аралдың қурығын ултанында шөлге шыдамлы егинлерди егиў, шарўашылықты раўажландырыў, балықшылықты қайта тиклеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырған ҳәзирги ўақытта шайыр дөретиўшилиги ериксиз ядыңа түседи. Себеби ол көпшилик қатарында Мойнақтың усындай гүллеп-раўажланыўы, халықтың абадан турмысының тәмийинлениўи әрманы менен жасады ҳәм өз шығармаларын дөретти.

Шайыр қосықлары, соның ишинде «Мәкарья сулыў» қосық романы дүньяның бир қатар тиллерине аўдарылып, сырт елдеги оқыўшыларында да айрықша қызығыўшылық оятты. Сонлықтан  олар тәрепинен шайыр дөретиўшилигине ўақтында жоқары баҳа берилди. Мәселен, қазақстанлы белгили С.Муханов «Япырмай, Тилеўберген, бала, ағып турған дәрья ғой!»,-десе,  америкалы Д.Паттерсон «Мениң алдымда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың жаңа «Мәкарья сулыў» китабы. Автор бунда әдиллик ҳәм гуманизм идеяларын жырлаўшы «Қырқ қыз» киби әжайып қаҳарманлық дәстанын дөреткен халық дәстүрлерине садық қалған».-деп жазады.

Илажда университеттиң шет тиллер факультетиниң студентлери тәрепинен шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы кең түрде мағлыўмат берилди. Оның қосықлары рус, инглис ҳәм корейс тиллеринде атқарылды. Әсиресе, белгили «Мәкарья сулыў» шығармасы тийкарында исленген сахналық көринис жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Әдебий кеше көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.